Турақлылық
Мен масихый сыпатында алатуғын миннетлемелер
Мен уялмайтуғынлар жәмийетине киремен. Менде Мухаддес Руўхтан берилген бийлик бар. Шек тасланды. Мен сызықтан кесип өттим. Шешим қабыл етилди. Мен Оның шәкиртимен. Мен артыма қарамайман, тоқтап қалмайман, иркилмеймен, изге қайтпайман ямаса орнымда отырып қалмайман.
Мениң өтмишим ушын қун төленген, ҳәзирги күнимде мәнис бар, келешегим қәўипсизликте. Мен интасыз исениўши болыўды, тек бақлап турыўды тоқтатаман. Мен узақты көре алмайтуғын жобаларымды, ибадатсыз өмирди, бос әрманларды, нәпәк затларды, жерге тийисли сөзлерди, өзим ушын жасаўды ҳәм өсиўге алып келмейтуғын мақсетлерди қояман.
Маған енди үстемлик, гүллениў, лаўазымлар, әмелге көтерилиў ямаса атақлы болыў керек емес. Маған дурыс, биринши, ең жақсы, танылған, мақталған, ҳүрмет қылынған ҳәм сыйлықланған болыў керек емес. Енди мен исеним менен, Оған сүйенип, Оның күн тәртиби менен жасайман, ҳәммесин дуўа етиў арқалы ислеймен, оннан күш алып, мийнет етемен.
Мен өз жолымды анық билемен, тез адым атаман, мениң мақсетим – аспан, жолым тар, мениң жолым әпиўайы емес, бирге жүретуғынлар көп емес, Жол Баслаўшы исенимли, ал хызметим (миссиям) анық. Мени сатып алыўға болмайды, мен өз-ара келисимге келмеймен, мен айланып өтпеймен, мени қызықтырып өз тәрепине аўдырыўға, қашыўға мәжбүр етиўге, адастырыўға, услап қалыўға болмайды.
Мен жеңилмеймен, үндемей қалмайман, жумыс ислеў, дуўа етиў, Масихтың атын уллылаў, жәриялаў ушын ҳәммесин бар күшим менен ислеп болмағанша, тоқтап қалмайман. Мен Масихтың шәкиртимен. Мен Ол қайтып келгенге шекем, алдыға қарай жүриўим, еле күшим бар ўақытта бериўим, өзим билген нәрселердиң ҳәммесин басқаларға айтып бериўим, Ол тоқтатпағанша, жумыс ислеўим тийис. Ол Өзиниң адамларын алып кетиўге келгенде, Ол мени аңсат таный алады, себеби өмиримниң ҳәр бир күнинде бизлер бирге болған едик!
Африкалы жас пастор