Сизге дос болыўға ылайықлы болмаған 5 түрли адам
«Сен мениң достымсаң, айрықшасаң,
Сен мениң достымсаң, айрықшасаң,
Саған уқсағаны жоқ, жалғызсаң,
Мениң достым, сени жақсы көремен.
Күндизги ўақытта да, түнде де,
Сениң мениң менен дос болыўың ушын,
Сен қәлеген ўақыт, сол дурыс ўақыт.
Дос деп айта аласаң ба? ДОС»
Тәжирийбели балалар тәрбияшының сөзлери. Балалардың жасына сай хабарнама – бул дослықтың баҳалылығын оларға таныстырыў ушын.
Дослық сондай шынында да таза, әпиўайы, гүзетиўсиз ҳәм үзликсиз болыўын қәлемеймиз бе.
Бирақ, тилекке қарсы ҳәр биримиз толық, минсиз аймақта жасап атырған жоқпыз. Бизлер гүнаға қулаған, ҳәр бир нәрсе гүнаға бүркенген дүньяда жасап атырмыз.
Үлкен адамлар ушын ҳақыйқый дослық сол қосықтағыдай аңсат емес. Базы дослықлар ден саўлығыңыз ушын қәўипли болыўы мүмкин. Бахтымызға Ҳикметлер китабы Ески Келисимде жаслардың уллы жетекши болыўына жәрдем бериў ушын таярлық барысында қолланба болып қолланылған. Әлбетте, бунда дослық ҳаққында көп айтылмайды, бирақ дослық өмир гилтиниң бир бөлеги есапланады.
Ҳикметлер дослық мәселесинде гүна факторларын келтиреди ҳәм жоқарыдағы қосық қатарына қарағанда көбирек қорғаўды, абайлаўды ҳәм жүдә аз оптимистликти өз ишине алып, адамлардың жасына байланыслы тәлимге ийе.
Ҳикметлерди келешекке қойыў ушын:
Ҳикметлер 1:1-6-аятлар менен улыўмалық мазмун сыпатында баслайды ҳәм егер салдамлы түрде усы китапты қолыңызға алсаңыз, бул сизлерге нени усынатуғынын көрсетеди. Бул даналық, көрсетпе, түсиник ҳәм абайлылық сыяқлы уллы, қүдиретли ҳәм өмирди өзгетиўши болып есапланады.
Ал әжайып меню сыпатында хызмет ететуғын ең баслы орын қайсы жерде?
1:8,9-аятлар: ана ҳәм әке тәрепинен.
Балалардың руўхый муғаллимлери ата-аналары болыўы тийис.
Әлбетте, шопан емес, муғаллим емес, жаслар жетекшиси емес, және басқа биреў емес.
Ҳикметлер китабы ескертиўлерге толы. Пайдалы ескертиўлер. Бизлердиң табыслы болыўымызға жәрдем беретуғын пайдалы ескертиўлер. Биринши ескертиў 1:10-аятта басланады: Надурыс адам менен жақын болып, араласпа.
Мынаны қолдан жиберип қоймаң:
Сиз ийе бола алатуғын мына әжайып менюңыз бар: 1:1-6-аятлар
Сизде жер жүзинде ең жақсы ата-анаңыз бар: 1:8-9-аятлар
Бирақ сиз әтирапыңыздағы надурыс адамларға араласып жүрсеңиз, сиз төменге қарай руўхый шығынды жерге кетип қаласыз. Ол жерде Қудайдың сизге уллы потенциаллықты берген өмирди ала алмайсыз.
Ҳикметлердеги 1-ескертиў: надурыс дослық ҳәмме нәрсени ўайран қыла алады. Ата-аналар, егер сиз перзентиңиздиң кимлер менен жақын болып жүргенин билмесеңиз, онда сиз өз ўазыйпаңызды орынмалай атырсыз.
Ҳәр биримиз ушын: егер бизлер қыз я ер адам туўысқанымыздың түсиниксиз биреў менен жақын болып жүргенин көрип, олар менен жақыннан сөйлеспесек, онда бизлер ўазыйпамызды орынламай атырмыз. Шын дослар бир шетте қарап турып, досларының батпаққа батыўына жол қоймайды.
Бирақ Ҳикметлердиң дослық ҳаққында айтатуғын нәрселери тек ғана усылар емес. Маған таң қаларлығы, бәлким сиз де таң қалатуғын шығарсыз, Ҳикметлер бизлердиң дос болыўға сапасы туўры келмейтуғын 5 түрли адамлар ҳаққында айтыўды даўам етеди. Сизиң «қоңыраў қылма» деген дизимиңизде турыўы керек болған 5 түрли адамлар. Бизлер булардан узақласыўға қатты ҳәрекет етиўимиз тийис. Бизлердиң «А» дизимимизден өширилиўи тийис болғанлар.
Ашықтан-ашық болатуғын болсақ: бул мен үйренген басқаша сабақлықлардың бири, өйткени бизлер көрип шығайық деп атырған аятлардың көпшилиги мени таң қалдырған. Бул аятлар Мухаддес Китапта бар екенине исене алмаған едим. Бирақ булар бар екен ҳәм буларды қәўипли деп есапламаймыз. Бул Қудайдың сөзин үйрениў ўақтымызда қызықлы болады.
Келиңлер буған сүңгейик. Сизге дос болыўға ылайықлы болмаған 5 түрли адам.
1-түрдеги адам
Ҳикметлер 5:8
«Ондай ҳаялдан аўлақ бол, Оның есигине де жолама».
Яқшы, бул жерде бизлер алыслаўымыз берек болған биреў бар. Ол ким?
5:3
«Бузық ҳаялдың аўзынан пал тамар,
Сөзлери майдан да жумсақ болар».
Жынысый қатнас бойынша жыртқыш бузықлар.
Сиз бенен тек ғана жынысый қатнас қылыўды қәлейтуғын адам менен турмыс қура алмайсыз. Ондай жынысый жыртқыш ер адам ямаса ҳаял адам болыўы мүмкин екенин ядыңызда сақлаң. Егер бундай жынысый бузық жыртқышларға салдамлы түрде қарамсақ, онда бизлер жеңилип қаламыз.
5:9-10
«Болмаса, абырайыңды басқаларға,
Өмириңди тас баўырға бересең
Байлығыңнан басқалар рәҳәтленип,
Мийнетиң басқа үйди байытады».
Усы аятларда айтылғанындай, бизлер абырайымызды, репутациямызды, байлығымызды жойтып, мийнетимиз басқа биреўдиң пайдасына қарай қолланылып кетеди. Жынысый жыртқыш бузықлар ҳаққында айтар екенбиз, олар бизлердиң өмир тәризимизден узақта болыўы тийис. Сондай-ақ, 11-аяттағы кеселлик ҳаққында да умытпаң.
5- бапты оқың ҳәм бузықшылық гүнасы жанды бузып, руўхты езиўшиликке алып келетуғын тәсирин көриң. Бир түн жатыў услардың барлығына арзый ма?
Төменде айтылған аятлар таң қаларлық емес шығар.
Жаратылыс 39:12-аятта, Юсуп хожайынының ҳаялы жатыўға усыныс қылғанда, ол шапанын оның услаған қолында қалдырып, жуўырып, қашып кетти.
1Коринф 6:18 «…бузықшылықтан қашың».
2Тимофей 2:22 «…жаслықтың жаман қәлеўлеринен қашың».
Бул хатты Павел жазғанда, Тимофей 40 жасларда еди.
Бул жердеги улыўмалық болған ҚАШЫҢ деген сөзге итибар бердиңиз бе?
Деген менен, бир минуттай күтип турың. Көпшилигимиз бузықпыз. Бул аятлар бизлерге қашыўды, оннан узақта болыўды, бузықшылық жыртқышлықтан узақта болыўды айтып атырған жоқ па? Бул бизлер ушын турақлы ҳәм жетерли емес пе? Негизинде усы нәрсе сизди ҳәлсиз қылып тасламай ма? Қорқынышлы пышықтай ма? Усындай бузықшылыққа кететуғын қунға қараң, кейин сиз екинши мәрте сорамайтуғын боласыз.
Телефон азанда саат 6 да шыңғырлады. Мениң бир достым үйине тез жетиўимди айтып, қатты ҳаўлығып сөйлеп атыр еди. Кейин билсем, ол ҳаялының басқа еркектен жүкли болғанын билип қалған екен. Соннан баслап, ҳәр күни, ҳәр ҳәпте, ҳәр айда, ҳәр жылы… күнде бақырысыў, урысыў, даўласыў, ант ишиў, есиклердиң тартып урылыўы, исенимсизлик, әрманлардың пушқа шығыўы, көз жаслар ҳәм гүманлар даўам етти.
Ал, енди қалай ойлайсызлар, бир түн ҳәзлик усылардың ҳәммесине арзый ма екен?
Жынысый қатнас Қудайдың берген сыйы.
Бирақ жанатуғын от сыяқлы, бул өз орнында қолланылыўы тийис – яғный неке ишинде болыўы керек. Жасап атырған дүньямыз бизлердиң еледе көбирек, қайта-қайта қашыўымызға мүмкиншилик берип атыр. Солай етип, бизлер қашыў бойынша жақсы үйрендик.
Бузықлықтан қашың. Порнографиядан қашың. Жаман фильмлерден қашың. Мәниссиз патас музыкадан қашың. Сондай-ақ Фейсбукте сәўбетлеспеўиң керек болған базы адамлар бар шығар. Мен буны тез орынлаўым тийис.
Жынысый бузықлық қылыў сизиң кеўлиңизге унамаў керек, себеби олар ҳеш қандай өтпеў керек болған белгиленген сызықтан өтиўге урынады.
Мине, бул биринши гезектеги дос болмаў керек болған адам.
2-түрдеги адам
Дос болыўдан бас тартатуғын екинши түрдеги адам:
Ҳикметлер 22:24-25
«Ашыўшақ адам менен дос болма,
Қызба адам менен жолдас болма.
25 Болмаса, сен де оған еликлерсең,
Жаныңды дузаққа түсирерсең».
Келиңлер, Мухаддес Китаптың шерменделик уясы арқалы қысқаша жүрип өтейик.
Каин қатты ғәзепленди ҳәм ағасын өлтирди.
Шаул Даўыттың өзинен гөре танымалы болғаны ушын қатты ғәзепленди ҳәм Даўытты өлтириўге урынды.
Патша Аса көзи ашық Хананийдиң Қудайдың сөзин жеткерип, бойсынбағанын айтқанда, оған ғәзепленди ҳәм оны зинданға таслатты.
Набуходоносор ғәзепке толып, Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны жанып турған ошақтың ишине таслатты.
Ҳирод ғәзепленип, Бейтлеҳемдеги бөпелерди өлтиртти.
Ғәзеп қаяқққа қарай жетелейтуғынына қараңлар, бул дизимге қосылыўыңыз ушын сизден көп күш талап етилмейди.
Сиз бул ҳаққында былай ойлап атырған шығарсыз: жақсы, бул адамлар қатты ақмақлық қылды. Бирақ сиз өз ғәзебиңиз себепли сондай жаман нәрсе қылмайман деп ойлайсыз ба?
Деген менен, Мухаддес Китабыңызда Ҳикметлер 27:4-аят бар.
Ҳикметлер 27:4 «ғәзеп күшли ағым», деп айтылған.
Бул ағым күшли ҳәм жылдам ағады. Сиз сол күшли ағымға аяқ басасыз ҳәм бул сизге қанша ўақыт кеткенин де билмей қаласыз. Сиз қай жерге барып тоқтайтуғыныңызды да билмейсиз.
Өзиңиз сыяқлы, ғәзебиңиз сизди қай жерге дейин алып баратуғынын ямаса қай жерде тоқтап, бурылатуғыныңызды билмейди. Сиз «алысқа алып кетпе», деген фразаны еситкен шығарсыз? Анық усы ҳаққында бул аят айтып атыр. Ғәзепленип, жақын досларыңның орталығынан кетип, дос емес адамларға қарай алыслап кетип қалма.
Өзиңиз тереңнен жүз бурған ҳәм қайтып ислемейтуғын өмириңиздеги қылған жаман затлар ҳаққында ойлаўды бир минуттай тоқтай аласыз ба?
Неше мәрте ғәзепленип, тепкини басқансыз?
Егер өмириңизде сондай машқалаларды алып келген болса, кейинги ислейтуғын нәрсеңиз ғәзепленген досларыңызды тынышландырыўыңыз керек.
29:22-аят:
«Ашыўлы адам жәнжел шығарар».
Дөгерегиңизде ағымлар ағып турған вулканда жүриў қәўипли. Сиз оның қашан атлығып шығатуғынын ҳәм бул сизге қаншелли зыян алып келетуғынын ҳеш биле алмайсыз.
Оннан узақта болыў қаншелли жарылқаў ҳәм қәўипсиз болады!
Жер жүзинде ғәзеплер жеткиликли емес пе?
1Коринфлилер 15:33
«Бирақ алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады».
Бизлер кимлер менен жақын жүрсек, соларға уқсап қаламыз.
Егер сиз усы дизимди салдамлы түрде қабылламай атырған болсаңыз, өзиңизди алдап атырған жоқсыз ба?
Ғәзепке толған адмларды өмириңизден өширип таслаң. Дос болыў ушын жақсы үлгиге ийе адамларды излең.
3-түрдеги адам:
Дос болыўдан бас тартатуғын үшинши түрдеги адам:
Ҳикметлер 22:10
«Сурбетти қуўсаң, жәнжел де кетер,
Даў ҳәм кейис те тоқтар».
Аўа, сүрбет ҳәм урысқақ адамды тоқтатыў керек.
Түнекте қалып қоймаўымыз ушын бул жерде бизлер ушын буйрық бар. Сурбетти өзиңнен алыслатып, оннан қаш. Сурбет деген не? Ол радикал түрдеги жерге урыўшы адам. Сурбет еврейшеде жаўызлықта ақмақ болған күшли термин есапланады. Олардың ой-пикирлери өзгериўшең. Олар дурыс нәрсени ислеўге ҳәрекет еткен адамға қарсы шығыўдан заўықланады. Бизлер улыўма толық миннетли түрдеги шешим ҳаққында айтып атырмыз.
Олар уялыў дегенди билмейди. Бундайларға жумсақ түрде исендириўге ўақтыңызды босқа өткермең. Олар бузғыншылық тәсирин өткизиўшилер, кесип алып тасланыў керек болған рак кеселлиги болып есапланады. Олар урысыўға талпынады, олардың сөзлери мәниссиз ҳәм патас. Ҳәр бир дурыс шешимге пүткиллей қарсы шығатуғын жаман сөзлер айтады.
Бизлер бул жерде адамларға келисим бермеў ҳаққында айтып атырған жоқпыз. Бирақ ўақыттың өтиўи менен дуўа ҳәм пикирлер жәрдеминде әдетте көбинесе жақсыланады.
Сурбет ҳаққында айтқанымызда, сизди улыўма бөлекелеп таслайтуғынларды нәзерде тутып атырмыз. Усындай сурбетлердиң сәўбетинен үлги алыўды қәлейсиз бе?
Лука 23:8-9
«Ҳирод Ийсаны көргенде қатты қуўанды. Өйткени ол туўралы көп еситкенликтен, оны бурыннан көргиси келетуғын ҳәм бир кәраматлы белги көрсетер деп үмитленетуғын еди. 9 Ол Ийсаға көп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди».
Ҳирод – Жаңа Келисимдеги дозақтың шаңарағынан болған менмен ағзасының бири. Оның уллы жетискенликке ерискен қара дизимине Бейтлехемдеги бөпелерди өлтириўи, сондай-ақ суўға шомылдырыўшы Яхыяны өлтириўи киритилген. Солай етип, Ийса, Сиз Ҳиродтың сораўларына жуўап бермедиң (буны 9-аятта көриўимизге болады).
Не ушын бундай болды? Ҳиродтың ҳеш қандай кеўил сезими болмады. Бундай сораўға тутыўы оның бир шоў ушын, яғный көзаба ушын ғана болды.
Лука 23:10-11-аятларды оқың:
«Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады. 11 Ҳирод та өз әскерлери менен бирге оны кемситип масқаралады да, оған патшалық липас кийгизип,…».
Сурбетлер, мазақлаўшылар Ийсаның жуўап бериўине ылайықлы емес еди.
Ямаса бизлердиң жуўап бериўимизге ылайықлы емес.
Масийхыйлар биреў менен сөйлесиўге ҳәрекет еткенде, берген жуўабы жарақатлайтуғын, мазақ сөзлерди еситкен, және сөйлесиўге ҳәрекет еткенде, тек ғана мазақ сөз бенен жуўап еситкен, және сөйлесиўге ҳәрекет еткенде, мысқыллы сөз бенен жуўап еситкенин көп мәрте еситкенлеримның санын айта алмайман.
Егер сиз сурбетлерди өмириңизден шығарып жибермесеңиз, онда сиз өзиңизди есик алдындағы паласқа айландырғаныңызға өзиңиз айыплы боласыз. Тек ғана Қудайды айыплы қылып жүрмең. Өмириңизде шақырығыңыз қандай екенин билмеймен. Бирақ мен мынаны билемен: сиз биреўдиң есиги алдындағы палас, яғный мазақланыўшы болып шақырылмағансыз. Болды енди жетерли, тоқтат.
Аўа, мен өз мәсләҳтиме еремен. Егер сиз бүгин асханамдағы столдың үстине қарасаңыз, сиз маған келген хатқа көзиңиз түседи. Және көз таслаң, сиз сол хаттың ашылмағанын да көресиз. Және қараң, бул хат бир ҳәпте алдын келгенин байқайсыз.
Бул хат әкеме, анама, әжапама ҳәм маған өмир бойы қопал жаман сөзлер айтып жүрген ағайинимнен келген еди. Ал енди мен не ушын сол хатта не айтылғанын көриўге асығыўым керек? Мен оны қашан ашыўым керек? Буны билмеймен.
Ол адам шаңарағымыздың қуўанышын урлаған еди. Сол хатты Қудайдың мийрими себепли оқымастан жыртпай қойыппан.
Сурбетлерди өмириңизден өширип таслаң.
——————————————————————–
4-түрдеги адам
Дос болыўдан бас тартатуғын төртинши түрдеги адам:
Ҳикметлер 13:20-аяттың екинши қатары:
«Ақылсыз бенен дос болған апатқа ушырар».
Ҳәзирдиң өзинде бизлерге анық түсиндирме керек. „Ақылсыз“ деген сөзди қолланғанымызда, бизлер уятлы ис, я қопал, ямаса ақмақлық қылған биреў ҳаққында айтамыз.
Мухаддес Китап ақылсыз ҳаққында айтқанда, мәниси көбирек басқаша.
Ҳикметлер 1:7
«Тек ақылсызлар ғана даналық ҳәм нәсиятты жек көреди».
Ҳикметлер 1:22
«Ақмақлар қашанға шекем билимди жек көреди?»
Ҳикметлер 10:23
«Ақылсыз жаманлық қылыўдан» – яғный оларға жаманлық қылыў спорт пенен шуғылланған сыяқлы.
Ҳикметлер 13:19
«Ақылсыз жаманлықтан ўаз кешиўди жек көрер».
Ҳикметлер 14:9
«Ақмақлар айып қурбанлығы үстинен күлер».
Ҳикмлетлер 15:5
«Ақмақ әкесиниң тәрбиясынан безер».
Ҳикметлер 15:20
«Ақмақ бала анасын писент етпес».
Ҳикметлер 19:13
«Ақылсыз бала әкесиниң басына бәле болар»
Ҳикметлер 26:11
«Өз ақмақлығын тәкирарлаған ақмақ, Өз қусығына қайтып келген ийтке уқсар».
Мухаддес Китапта ақылсызлық бул анық ақмақлық емес. Ол жаўыз. Ол Қудайға қарсы турыўға тайын адам.
Ийса бизлерге ақылсыз бенен қандай қантаста болыўымыз кереклигин айтып, үйретеди.
Матта 7:6
«Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Олар ҳинжилериңизди аяқлары менен басқылап, айланып келип өзлериңизди тилкимлеп таслайды».
Ҳақыйқатты пүтиллей жаман көретуғын адамларға шынлықты үйретиўге ҳәрекет етип, қуры босқа ўақтыңызды өткизбең.
Соның ушын Ҳикметлер 14:7-аятта «Ақмақтан аўлақ жүр», деп айтылған. Алдынғы Ҳикметлер 13:20-аятта айтылғанындай апатқа ушырап, азап шеккиң келе ме?
Мен улыўма қәлемеймен. Ақмақ адамды досларыңыздың арасынан өширип таслаң.
————————————————————————————
Ақырғы
5-түрдеги адам
Дос болыўдан бас тартатуғын бесинши түрдеги адам:
Ҳикметлер 24:21
«Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ,
Қозғалаңшы менен шерик болма».
Басқа сөз бенен айтқанда, басшыларды жаман көретуғынларға қосылмаң.
Яғный, басқа англичанша NIV аўдармада: Қозғалаңшыға қосылма. – деп жазылған.
Бизлер узақласыўымыз керек болған бесинши түрдеги адамлар қозғалаңшылар, қарсы шығыўшылар ҳәм бузғыншылар.
Сондай-ақ 1Петр хатында буны күшли тастыйықлап өтеди. Төмендеги аятларға дыққат аўдарың.
1Петр 2:11-13
«Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар. 12 Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
13 Ийемиз ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм…»
Өмириңизде Қудайдың ерки қандай екенин билгиңиз келе ме?
Оның еркиниң бир бөлеги анық усы жерде.
Басшыларға бойсының. Ҳүкиметке қарсы шықпаң. Масийхый террорист – бул улыўма болмайтуғын қайшы келетуғын сөз болып есапланады.
Деген менен, бул аятты толық түсиниўимиз ушын, бизлер улыўмалық сүўретлемени көриўимиз тийис.
Сиз Нерон ҳаққында еситкен шығарсыз. Ол I әсирдеги Рим императоры. Ол қурылыс жойбарларын жақсы көрген. Бирақ бир күни қурылыс ислерине материаллары жетпей қалған ҳәм Рим қаласын арнаўлы түрде өртеп жиберген, деп көп тарийхшылар исенимли түрде айтады.
Қаланың көшелери тар. Халық тығыз жасайды. Ағаштан қурылған бийик имаратлар бар. Бир ғана өрт Римди өртеп, оны жалмап таслады. Өрт өшириўшилерге арнаўлы түрде тосқынлық қылынды ҳәм өрт өширилген жерде, және басқа өрт пайда болды. Солай етип, өрт жалынлары ҳәр түрли қудайға арналған ибадатханаларды ҳәм кийели орынларды жалмап кетти. Солай етип, олардың өз қудайы бул жағдайды басқаралмады, деген диний бослық пайда болды.
Баспанасыз қалыўлар
Диний системалар жаўылды. Терең ренжиўлер келип шықты. Нерон усы душпанлықтың барлығы менен гүресиўине туўры келди. Сонлықтан ол өрттиң себепшиси деп, масийхыйларды айыплады.
Сонда пүткил империя бойлап масийхыйларға қуўғын толқыны жайылды. 1Петр хаты исениўшилерге усы қуўғынды жеңип шығыўы ушын жәрдем бериў мақсетинде жазылған.
1Петр 1:6
«Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, …»
1Петр 1:7
«Ҳәтте, жоқ болып кететуғын алтын да отта тапланып, сыналады. Ал сизлердиң исенимиңиз алтыннан қымбатлырақ».
1Петр 4:12
«Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар».
1Петр 5:8
«Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр».
Бул сизге Петр жазғанындай исениўшилерге қарсы ҳүжимниң қаншелли күшли болғанынан мағлыўмат береди.
Енди 1Петр 2:11-13 – аятларды оқыйық.
Сиз бастан кеширип атырған сынаўларды есапқа алған ҳалда: Өз ҳуқықыңызды талап қылыў. Жумыс барысын әстенлетиў. Үйде отырыў. Мораллық көпшилликти шөлкемлестириў. Қарсылықлар. Қозғалаңшылар. Пухаралық бойсынбаўшылар менен шуғылланыў.
Не екенин шамалап билиң, жигитлер! Сиз өтейин деп атырған дозақ сынаўлары усылардың бирин ислеўге ҳуқық бермейди. Адамның ҳақыйқый машқаласы, Римге өрт тийместен алдын ҳәм кейин – бул инсан жүрегиниң гүнакарлығы ҳәм қутқарылыўға мүтәжлиги.
Ҳеш нәрсе өзгермеди. Туўры қабыллаң. Не ушын? Бизлер қуўырыў ушын үлкенирек балықпыз. Қутқарыўшы ҳаққында айтып бергенимизде адамлардың бизлерге қулақ салыўын қәлеймиз.
Бизлер сиясий көз қарасларымыз бенен олардың ой-қыялларын бузғымыз келмейди. Масийхыйлар жасаған жеринде ең жақсы пухара болыўы тийис. Бизлер даўыс берген болсақ та, бермеген болсақ та, басшыларымыз ушын дуўа етиўимиз кереклиги ҳаққында буйрық алғанбыз.
Айтпақшы – егер Масийхқа садықлығыңыздан гөре, сиз даўыс беретуғын, ямаса даўыс бермейтуғын биреў сизди таныса, онда бир машқала бар. Ийсаның сиз сыяқлы даўыс бермейтуғын адамлардың гүналары ушын да қурбан болғанын өзимизге еслетиўимиз керек пе екен. Солай етип, сиз өз сиясий көз қарасыңызды жәриялап, өз хызметиңизди шеклеп қоймаң.
Әлбетте, жәмийет өзгериске мүтәж. Бирақ ҳақыйқый өзгерис Ийса Масийхқа исенип, тәўбе етиў арқалы келеди. Заманагөй үлги болың. Ҳикметлер 24:21-аятқа қайтамыз:
«Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ, Қозғалаңшы менен шерик болма».
Ҳәзирдиң өзинде Ийсаның 12 шәкиртиниң бири уатансүйер, яғный зилот Шимон ядыңызға түсип атырған шығар.
Зилотлар деп ҳүкиметке қарсы шыққанлар аталған. I әсирдиң тарийхын оқың ҳәм сиз Рим басшыларына қарсы шыққан зилотларды көриўиңизге болады.
Бирақ Хош Хабар китапларын оқып шығың ҳәм сиз ўатансүйер Шимонның ҳеш қандай бузғыншы ис қылғанын көрмейсиз.
Ҳеш қандай. Оның Зилотлар шөлкеминиң ағзалық ис ҳәрекети жоқ екенин анық көре аласыз. Егерде ол сондай болғанда, онда Ийса оны досларының орталығынан шығарып таслаған болар еди.
Солай етип, сизде масийхыйлар дос болыўдан бас тартатуғын бес түрдеги адам бар.
1 Бузықлық қылыўшы адам
2 Ашыўшақ адам
3 Ақмақ, ақылсыз адам
4 Сурбет адам
5 Қозғалаңшы адам
Бир неше жуўмақлаўшы сораўлар:
1-сораў: бизлер ҳүким қылыўшы болып атырған жоқпыз ба? Жуўап: аўа, әлбетте.
Бул бойынша машқала бар ма? Бизлер ҳәр күни ҳүким етемиз. Ҳәр күни ҳүким етиўимиз тийис. Сиз Теле көрсетиў программасын өширип тасласаңыз, сиз ҳүким етип атырсыз. Биреў сизге патас ҳәзил айтып атырса, сиз унатпағаныңыз ушын бөлмеден шығып кеткениңизде, ҳүким етип атырсыз. Сиз биреўди жәмәәт кеңесинде болыўы керек деп таңлаған ўақтыңызда, ҳүким етип атырсыз.
Бунда ҳеш қандай қәте нәрсе жоқ. Бизлер буны ислеўимиз тийис. Мухаддес Китап та буны мақуллайды.
Ҳикметлер 12:26
«Әдил адам жақынына жол көрсетер,
Залым адамның жолы оларды адастырар».
Мухаддес Китап «мен сеннен жақсыман» дегенди ҳүким қылады. Аўа, бүгин сиз қәтелесип атырсыз, деп айтыўым мүмкин. Бирақ ертең мениң қәте ис қылып атырғанымды сиз айтыўыңыз мүмкин екенин умытпаўым керек.
Мухаддес Китап керек ўақытта бир-биреўимизди әшкара қылыўды буйырғанда, буның мәниси бизлерге ҳүким етиўди буйырып атыр. Бул ҳүким – адамды жерге урыўды емес, ал сүйиспеншилик ҳәм кишипейллик пенен ҳүким етиўди, яғный туўрылаўды нәзерде тутады.
2-Сораў: Солай етип, Қудай усы барлық бузықлардың, ақылсызлардың, сурбетлердиң ҳтб дың дозаққа кетиўин қәлеп атыр ма?
Езекиел 33:11-аят бизлерге Қудай адамлардың дозаққа түсиўинен заўықланбайды деп айтады. Бирақ сол адамлардың ислери сондай жаўызлық, бузғыншы, Қудайдың жолынан узақта, сондай гүнакарлығы, тәўбе етиўден узақ екенлиги анық.
Сиз қастан Қудайдың балаларының душпаны болыўды таңласаңыз, онда Қудайдан жақсылық күтпей-ақ қойың. Сиз өзиңизди қүдиретли қәўипли жағдайға қойған боласыз.
Бирақ есиңизде сақлаң: сизиң қастан сондай адамлардан узақласыўыңыз, олардың тәўбе етиўине себеп болатуғын соққы болыўы мүмкин.
3-Сораў: Сол узақласыў керек болған адамлардың дизиминен қашатуғын Масийхқа исенген адамларда нени көриўимиз керек болады? Бизлер оларда аспандағы Әкениң сүйиспеншилигин, ғамхорлығын ҳәм қорғаўын көриўимиз керек. Көшеде қараўсыз қалған балалар көшеге жуўырып шыққанда ямаса олар бармағын отқа басайын деп атырғанын көргенимизде, бизлер бақырамыз ҳәм қолларына урып, оларға қатты қол боламыз. Өйткени оларға зыян тийиўин қәлемеймиз.
Себеби олардың узақ жасаўын қәлеймиз. Өйткени оларға жүдә жақсы нәрсени қәлеймиз. Себеби оларды тереңнен жақсы көремиз. Сонлықтан да усы аятлар усы жерде орын алған. Қудайдың сүйиспеншилиги. Қудайдың ғамхорлығы. Қудайдың жетелеўи. Қудайдың жарылқаўы. Қудайдың қорғаўы бизлер көрип шыққан ҳәр бир нәрсениң артында турыпты.
Бизлердиң әжайып Әкемиз жумыс ислеп атыр. Бизлерди бузылыўдан, мәниссиз қарым-қатнасларға кететуғын ўақыттан сақлаўға урынып атыр.