Жетекшилик тийкарлары
«Биз сәтсизликке ушыраўды жобаластырмаған едик. Биз тек жобаластырыўда сәтсизликке ушырадық.
«Хызмет басшылық себепли я жоқары көтериледи, я қыйралып қалады».
«Егер Масихтың денесинде алға ҳәрекет етиў, прогресс болыўы керек болса, онда ЖЕТЕКШИЛЕР ЖЕТЕКШИЛИК ҚЫЛЫЎЫ КЕРЕК!»
Сыпатлы басшылық зәрүр екени бойынша үш ақыллы цитата.
Келиңлер, ҳақыйқатлыққа тик қарайық. Дүнья жақсы жетекшилерге мүтәж. Бизиң хожалықларымыз жақсы жетекшилерге жүдә мүтәж. Бизиң жәмәәтлеримиз жақсы жетекшилерге қатты мүтәж.
Биз бийпәрўа ҳәм жаўыз басшылық астында азап шегемиз. Және де, биз Қудайға унамлы ҳәм дана басшылық астында жарылқанамыз.
Солай етип, егер биз өзимиздиң жетекшилик қәбилетлеримизди жақсылаўды қәлесек, неге қараўымыз керек?
Нехемияға! Мухаддес Китаптағы жетекшилик бойынша қолланба сыпатында жийи-жийи усы китапқа нәзер салады.
Ески Келисим дәўиринде Израил Қудайға терис қарағанда, Қудай Өз адамларын опасызлығы ушын тәртипке шақырыў ушын, ис-ҳәрекетке киристи. Ассириялылар ҳәм бабилонлылар Оның әсбапы болды. Ийса Масих туўылмастан бурын 722-жылы ассириялылар Арқа патшалықты жер жүзинен жоқ қылды. Ийса Масих туўылмастан бурын 586-жылы бабилонлылар Яҳудияны бойсындырды ҳәм оның турғынларының көпшилик бөлегин 70 жылға сүргин етти. Сол 70 жыл ақырына жеткенде, өзи еврей болған Нехемия ўатанласлары менен сүргинде болып, патшаның шарап қуйыўшысы болыў ушын, Қудай тәрепинен мәртебе еристи. Бул жоқары дәреже еди. Ийса Масих туўылмастан бурын 446-жылдан бир жыл алдын, Нехемияның биринши бабы басланғанда, ол жерде Ески Келисимниң ең табыслы жетекшилериниң бири ҳәрекетке кириседи.
Жетекшилик принциплери
1-принцип: Баслама көтериў!
Нехемия 1:1, 2
Хахалия улы Нехемияның сөзлери: Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылының Кислеў айында мен пайтахтта, Суза қаласында едим. Сонда туўысқанларымнан бири Хананий айырым адамлар менен бирге Яҳудадан келди. Мен олардан сүргиннен қутылып қалып, тири қалған яҳудийлер ҳəм Ерусалим қаласы туўралы сорадым.
Бул жерде Нехемия Муўсаға еликлейди. Олардың екеўи де өзлери жасаған байлыққа малынып, сарайдың молшылығында жасаўы, мүтәжликте болған ўатанласлары туўралы қайғырмаўы мүмкин еди. Олардың ҳеш бири де ўатанласларын көзге илмеў ушын, өз жағдайы себепли азғырылмады ҳәм мәсликке берилмеди.
Жийи-жийи баслама көтериў сораў сыяқлы әпиўайы бир нәрседен басланады. Ийса ең кем дегенде 135 сораў берди. Павел де сол шамада берген болыўы мүмкин.
Хош Хабарларды бетпе-бет ашып көриң ҳәм сиз усы төрт китапты турмысқа асырыў ушын, Ийсаның шаршамастан басламаны Өзине алғанын көресиз.
Бала өз ата-анасына: «Илтимас, маған қызығыўшылық билдириң», – демеўи керек.
Жәмәәт ағазасы жәмәәт жетекшилерине: «Илтимас, маған дыққат аўдарың», – демеўи керек.
Егер Нехемия басламаны өз қолына алмағанда, Нехемияның 13-бабы болмаған болар еди.
Сен өзиңе қандай басламаны алыўың тийис?
2-принцип: Жан ашыр болың!
Нехемия 1:3, 4а
Олар маған сүргиннен қутылып қалып, Яҳуда ўəлаятында тири қалғанлардың қатты қыйыншылық ҳəм шерменделик
аўҳалда қалғаны, Ерусалим дийўалларының ўайран етилип, дəрўазаларының өртеп жиберилгени туўралы айтып берди.
Бул сөзлерди еситкенимде, отырып жыладым. Бир неше күн қайғыға батып жүрдим.
Бул хабарларды еситип, жаўыз жүрекли адам былай деген болар еди: «Ислер жаман. Бирақ сиз өзиңиз бенен өзиңизсиз. Сизиң машқалаларыңыздың маған қандай қатнасы бар?» Егер де Нехемия усылай жуўап бергенде, бул китап усылай жуўмақланбаған болар еди ҳәм биз ол туўралы ҳеш қашан еситпеген болар едик. Биз қайта-қайта басқаның дәртин терең ойлаўшы Нехемияны көремиз.
Ийса өкирип жылады. Юхан 11:35
Павел Ефести таслап баратырып, көз жас төкти. Елшилердиң ислери 20:19
Юхан өкирип жылады. Аян 5:4
Биреўлерге жан ашытыў шкаласы бойынша, сиз өзиңизди қалай қалай баҳалаған болар едиңиз?
3-принцип: Дуўа етиң! Ораза тутың!
Нехемия 1:4б
… ораза тутып, аспанның Қудайына былай деп дуўа еттим:
Мухаддес Китап жетекшиси дуўа етиўден ғәрезли. Қудайдың Патшалығының алға илгерилеўиндеги ҳәр бир адым
туўрыдан-туўры дуўа етиў менен байланыслы. Бул Нехемияға белгили еди. Бул жерде биз оның руўхый өмириниң тийкарғы мәўритин аламыз. Оның реакциясы өкиниў болыўы мүмкин еди. Ол орынлаўға асыққан өзиниң жеке жобасын ислеп шығыўы ямаса ҳәр түрли қудайсыз затларға алағада болыўы мүмкин еди. Бирақ буның орнына ол пүткил жигер менен Қудайға туўры айтады.
Ораза Мухаддес Китапта 50 рет тилге алынады. Бул Қудайға күш көрсетиўге ҳәрекет қылыў емес. «Ораза – бул өз асқазанымыз ҳәм пүткил денемиз бенен Қудайға қаншелли мүтәж екенимизди ҳәм қаншелли Оған исенетуғынымызды көрсетиў болып табылады. Бул бизиң гәпимиздиң ақырындағы шын, дене менен сезинген үндеў белгиси: «Мен Сени жақсы көремен, Қудай. Маған Сениң басқарыўың керек». Яҳудийлердиң Израилдағы жағдайы үмитсиз еди ҳәм Нехемия оларға тилеклес болды. Ол өз денеси ҳәм ақылы менен Қудайдың басқарыўын излейди».
Ал ораза бизиң руўхый практикамыздың зәрүр бөлеги болып есаплана ма? (Егер, әлбетте, сизге ден саўлығыңыз жол қойса)
4-принцип: Қудайды билиң!
Нехемия 1:5
О, аспанның Қудайы Жаратқан Ийе! Сен уллы ҳəм айбатлы Қудайсаң! Сен Өзиңди сүйгенлер ҳəм буйрықларыңды орынлағанлар менен дүзген келисимиңе садық қаласаң.
Қараңлар, Нехемияның түсиниги бойынша, Қудай бизлерге не дейди. Нехемия Қудайдың хожалығының тек бир бөлеги ғана емес. Ол Қудайды жақсы билиў ушын, ўақыт ажыратты. Бизге Қудайдың қүдиретин, күшин, даңқын, садықлығын ҳәм сүйиспеншилигин дурыс түсиниў қаншелли әҳмийетли. Нехемия бул жерде бизге Қудайды үйрениўге ўақыт ажыратқанын айтады. Қудай менен жақын таныс болыў оны бул китаптағы өзи ушын белгиленген гүреслер арқалы алып жүреди.
Нехемия – бул Даниел 11:32 деги күштиң көрсетилиўи
Ал Қудайға садық қалғанлар болса, бар күши менен оған қарсылық көрсетеди.
Нехемияның китабының пүткил даўамында биз көрген
минез-қулықтың күши ҳәм Нехемияның батыл ҳәрекети оның Қудай менен жақын қарым-қатнасынан тийкар алады. Нехемия дене менен ҳәрекет етпейди. Ол Мухаддес Руўхқа толған, ол Мухаддес Руўх пенен бағдарланады, ол Мухаддес Руўхтан күш алады.
Егер сиз Масихтың избасары болсаңыз, Оны жақсырақ таныў ушын ўақыт ажыратасыз ба? Оның өзине тән болған қәсийетлерин еле де көбирек билесиз бе? Оның минез-қулқын не?
5-принцип: Гүнаға салдамлы қатнаста болыў!
Нехемия 1:6-7
Енди Сениң алдыңда қулларың болған Израил халқы ушын күни-түни дуўа етип, олардың гүналары ушын тəўбе қыламан. Аўа, бизлер Сениң алдыңда гүна иследик, мен де, мениң əкемниң үй-иши де гүна иследи. Бизлер Сениң алдыңда қатты жеркенишли ислерди иследик. Сениң қулың Муўсаға берген буйрықларыңа, қағыйдалар ҳəм нызамларыңа бойсынбадық.
Нехемия өз ўатанласларының ҳәзир ондай аўыр жағдайда емес екенин анық түсинеди. Өйткени Бабилон Израилдан күшлирек ямаса оларға қарағанда раўажланған мәдениятқа ийе еди. Израил өз гүнасы себепли сүргинде еди. Басқа ҳеш қандай себеп жоқ. Келиңлер, ашық сөйлесейик ҳәм затларды өз аты менен атайық. Израил халқы өзи ылайықлы болған ҳәм Қудай өзин ескерткен нәрсени алды. Қудайдың халқы Қудайдың ескертиўлерин писент етпеген еди. Бул машқала шешилиўи ушын, гүна мойынланыўы керек еди.
Егер машқалаларды шешиў керек болса, дәслеп оның себеплерин анықлап алыў ҳәм оны түп-тамыраынан аяўсыз түрде шаўып таслаў керек. Нехемия усылай ислейди.
6-принцип: Қудайдың ўәделерине жабысып алың!
Нехемия 1:8-11
Енди қулың Муўсаға берген мына сөзлериңди есиңе ала гөр: «Егер сизлер Маған опасызлық етсеңиз, Мен сизлерди халықлар арасына шашып жиберемен. Бирақ Маған қайтып келсеңиз ҳəм буйрықларыма бойсынып, оларды орынласаңыз, жердиң ең шетине қуўғын қылынған болсаңыз да, сизлерди ол жерден жыйнап аламан. Атымды уллылаў ушын, таңлап алған жерге сизлерди алып келемен». Израил халқы – Сениң қулларың ҳəм Өз халқың. Уллы қүдиретиң ҳəм күшли қолың менен оларды азат еткенсең. О, Ийем! Қулың болған мениң дуўама ҳəм Сениң атыңды ҳүрмет қылыўдан заўықланатуғын қулларыңның дуўасына қулақ түре гөр. Бүгин маған əўмет берип, патшада маған деген реҳим оята гөр.
Бул не туўралы? Нехемия Мухаддес Китапты оқыйтуғынын көрсетеди, ол Мухаддес Китапқа исенеди, Қудайдың ўәделерин алыўға талапланып, оларды айтып, дуўа етеди.
Ал сизиң өмириңиз ше? Ол Мухаддес Китаптағы ўәделер менен басқарыла ма?
7-принцип: ҲӘРЕКЕТ ЕТ!
Нехемия 2:1-8
Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылы, Нисан айы еди. Мен патшаның алдына əкелинген шарапты оған усындым. Бурын ҳеш қашан патша мени түскин аўҳалда көрген жоқ еди. Сонлықтан патша маған: – Неге қапа көринесең? Билемен, кесел емессең. Жүрегиңде бир дəртиң бар ма деймен? – деди. Мен қатты қорқып кеттим. Сонда да патшаға: – Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! Ата-бабаларымыз жерленген қала қаңырап, дəрўазалары өртелген болса, мен қалай қапа болмайын? – дедим. Патша маған:
– Не тилейсең? – деди. Сонда мен ишимнен аспанның Қудайына дуўа еттим, кейин патшаға былай дедим:
– Тақсыр, егер мақул деп тапсаңыз ҳəм мендей қулыңызға кеўлиңиз толған болса, онда мени Яҳудаға, ата-бабаларым жерленген қалаға жиберсеңиз. Мен бул қаланы қайта қурмақшыман. Сонда ханбийке де патшаның жанында отырған еди. Патша меннен: – Сапарың қанша ўақытқа созылады, қашан қайтып келесең? – деп сорады.
Патша мени жибериўге ыразы болды. Соңынан мен ўақытты белгилеп айттым. Мен патшаға жəне былай дедим: – Тақсыр, егер сизге мақул болса, Яҳудаға жетип барғанымша, өз жерлеринен өтиўиме рухсат бериўи ушын, дəрьяның арғы жағының ҳəкимлерине хат жазып берилсин. Жəне де, патша тоғайларының бажбаны Асафқа да хат жаздырып берсеңиз. Ол маған Қудайдың Ибадатханасы жанындағы қорғанның дəрўазаларын, қала дийўалларын соқтырыўым ҳəм өзиме үй салдырыўым ушын керек болатуғын ағашларды берсин. Қудайдың мийримли қолы мениң үстимде болғанлығы себепли, патша сорағанымның ҳəммесин берди.
Биз бул жерде неге ийемиз?
- Нехемия Израилдағы адамлардың жағдайы туўралы жаман хабарларды алып, патшаға ҳүрмет көрсетип, оған бойсынды. Нехемияны патшаны менсинбей, елден жалғыз қашып кетпейди. Керисинше, ол патшадан ақ пәтия алыўды қәлейди. Себеби келешекте оған қарама-қарсы тәреп пенен дус келиўге туўра келеди.
- Қудайдың басқарыўы туўралы көбирек дуўа етиў, адам дуўа етиўден ғәрезли екени бойынша көбирек дәлиллер.
- Жақсы ойлап шығылған жоба.
Сиз бул жерде өзиңиз ушын өмириңизде орынлаўыңыз керек болған усынысларды таптыңыз ба?
8-принцип: Машқаланы анық түсиниң.
Нехемия 2:12-16
Мен Ерусалим ушын ислейтуғын ислеримди Қудайымның жүрегиме салғанын ҳеш кимге айтпадым. Түнде турып, жанымдағы адамлардан бир нешеўин ертип, жолға шықтым. Жаныма өзим минип жүрген жаныўардан басқа ҳеш қандай жаныўар алған жоқ едим. Түнде Ойпатлық дəрўазасы арқалы шығып, Айдарҳа булағына, ол жерден Тезек дəрўазасына бардым. Мен ўайран етилген Ерусалим дийўалларын ҳəм оның жағып жиберилген дəрўазаларын көзден кеширдим. Соңынан Булақ дəрўазасына ҳəм Патша ҳәўизине бардым. Бирақ астымдағы жаныўарым өтиўге жол таба алмады. Сонлықтан түнде сай бойлап көтерилип, дийўалды көзден кеширдим. Ақырында, кери айланып, Ойпатлық дəрўазасы арқалы изге қайттым. Ҳүкимет басшылары мениң қай жерге барып, не ислеп жүргенимди билмеди. Себеби мен яҳудийлерге де, руўханийлерге де, ақсүйеклерге де, басшыларға да, усы иске қатнасы бар басқа жумыс алып барыўшыларға да еле ҳеш нəрсе айтпаған едим.
Бул аятлар даналық шығарады. Жүзлеген шақырым жол басып, артқа, Ерусалимге қайтып, машқаланың қандай екенин баҳалаў ушын, Нехемия дийўалды жеке өзи көзден өткереди. Ол өзине басым өткизиўге ҳәрекет етиўи, өзине тәсир өткизиўи мүмкин болған ямаса оның әрманларын жоқ қылыў нийетине ийе болған жергиликли ҳеш бир адамға бул ис ҳаққында айтпай, оны түнде иследи. Ол ҳақыйқатлықты бурмалаўы мүмкин болған (нийетлеп ямаса абайсыз түрде) адамлардан мағлыўмат алыўдан аўлақ болды. Өз баҳасына сүйене турып, ол машқала туўралы дурыс түсиникке ийе болғанына исенимли түрде ҳәрекет ете алатуғын еди.
Ал сиз салмақлы мағлыўматларға тийкарлана отырып, өз шешимлериңизди қабыл етесиз бе?
9-принцип: Себеп келтириң
Нехемия 2:17-18
Соңынан мен оларға: «Қандай апатшылыққа ушырағанымызды көрип турсыз ба? Ерусалим босап қалған, ал оның дəрўазалары болса, жандырып жиберилген. Жүриңлер, Ерусалимниң дийўалларын қайта тиклейик. Буннан былай аяқ асты болыўға шек қояйық», – дедим. Мен оларға Қудайдың мийримли қолының мениң үстимде екенин ҳəм патшаның өзиме айтқан сөзлерин айтып бердим. Сонда олар: «Қурылысты баслаймыз», – деди ҳəм қайырлы иске бар күшин жумсаўға таяр турды.
Миллет 70 жыл масқарашылыққа ушырағаннан кейин: «Жүриңлер, Ерусалим дийўалларын қурамыз», – деген сөзлерди еситиў қаншелли әжайып еди. Биз не ушын оны тыңлаўымыз керек? Қудайдың қолы Нехемияның үстинде болғаны ҳәм патша оны қоллап-қуўатлайтуғыны туўралы хабар узақ күтилген ҳәм шектен тыс зәрүр болды.
Ал сиз өзиңизди себепкер сыпатында қалай баҳалаған болар едиңиз?
10-принцип: Сыртқы қарама-қарсылыққа таяр болың
Нехемия 2:19-20
Бирақ хоронлы Санбаллат, аммон халқынан болған хызметши Тобия ҳəм арабиялы Гешем буларды еситкенде, үстимизден күлди ҳəм: – Не ислеп атырсыз өзи? Ямаса патшаға қарсы бас көтерип атырсызлар ма? – деп бизлерди кемситип сөйледи. Сонда мен оларға: – Аспанның Қудайы исимизди сəтли қылады, ал Оның қуллары болған бизлер қурылысты баслаймыз. Сизлердиң Ерусалимде үлесиңиз де, ҳақыңыз да, тарийхый дерегиңиз де жоқ, – деп жуўап бердим.
Солай етип, бир нәрсени анықлап алайық. Нехемия дуўа етти, ораза тутты, патшадан рухсат алды, узақ жолды басып өтти, жағдайды жеке өзи изертлеп шықты ҳәм халықты ҳәрекет етиўге шақырды. Сонда ДӘРҲАЛ-АҚ қарама-қарсылыққа дус келди. Сиз бул жерде Нехемияны қорққан, артқа шегинген, Қудайдың еркинен алыслап кетпедим бе, деп гүманланып отырған ҳалда көрип турсыз ба? Негизинде, ол, ҳәтте, таң қалған болып та көринбейди ҳәм алға илгерилеўде тоқтап қалыў нийети жоқ.
Бул жерде есимизге Коринфлилерге 1-хат 16:9 түседи
Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жолi ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп.
11-принцип: Ҳәммени тартың.
Нехемия 3:1-15
Соннан соң, бас руўханий Эляшиб ҳəм оның руўханий туўысқанлары иске кирисип, Қой дəрўазасын қайта қурды. Олар дəрўазаны бағышлаў рəсиминен өткерип, қапыларын орнына қурды. Жүзлик минарасына дейинги дийўалларды тиклеп, оны бағышлаў рəсиминен өткерди. Жəне де, олар Хананел минарасына шекемги дийўалларды да тикледи. Ерихолылар оннан кейинги бөлегин, ал оннан кейинги бөлекти Имрий улы Заккур қурды. Балық дəрўазасын Ҳассенаның уллары қурды. Олар дəрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳəм тəмбилерин орнатты. Оннан кейинги бөлекте Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетиў ислерин алып барды. Оннан кейинги бөлекти Мешезабелдиң ақлығы Берехияның улы Мешуллам, ал оннан кейинги бөлекти Баана улы Садоқ дүзетти. Олардан кейинги бөлекти теқоалылар дүзетти. Бирақ олардың ақсүйеклери өз қадағалаўшыларының буйрығын орынлаў ушын қəддин
бүкпеди. Ешанаc дəрўазасын Пасеах улы Йояда ҳəм Бесодия улы Мешуллам дүзетти. Олар дəрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳəм тəмбилерин орнатты. Олардан кейинги бөлекти гибонлы Мелатия ҳəм меронотлы Ядон дəрьяның арғы жағындағы ҳəкимниң қол астындағы Гибон ҳəм Миспа турғынлары менен бирге дүзетти. Олардан кейинги бөлекти зергер Харҳая улы Уззиел, ал оннан кейинги бөлекти хош ийисли затлар таярлаўшы Ханания дүзетти. Олар Ерусалим дийўалларының Кең дийўалға дейинги аралығын қайта тикледи. Олардың жанындағы бөлекти Ерусалим
үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хур улы Рефая дүзетти. Олардан кейинги бөлекти, өз үйиниң қарама-қарсысын Харумаф улы Едая, ал оннан кейинги бөлекти Хашабния улы Хаттуш дүзетти. Харим улы Малкия менен Пахат-Моаб улы Хашшуб басқа бир бөлекти ҳəм Тандырлар минарасын дүзетти. Кейинги бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Ҳаллохеш улы Шаллум өз қызлары менен бирге дүзетти. Ханун ҳəм Заноах турғынлары Ойпатлық дəрўазасын дүзетти. Олар дəрўаза бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳəм тəмбилерин орнатты. Жəне де, олар дийўалдың Тезек дəрўазасына шекемги мың шығанақ аралығын дүзетти. Ал Тезек дəрўазасын Бейт-Ҳаккерем үлкесиниң басқарыўшысы Рехаб улы Малкия дүзетти. Ол дəрўазаны қурып, қапыларын, қулып ҳəм тəмбилерин орнатты. Булақ дəрўазасын Миспа үлкесиниң басқарыўшысы Кол-Хозе улы Шаллун дүзетти. Ол дəрўазаны қурып, үстин жаўды, қапыларын, қулып ҳəм тəмбилерин орнатты. Ол патша бағының қасындағы Шелах ҳәўизиниң дийўалын да Даўыттың қаласынан төменге түсетуғын текшеге шекем дүзетти.
Бул басқарыў сыйының ҳәрекетте болғаны бойынша ең айқын мысаллардың бири болыўх мүмкин. Ҳәр бир исениўши дийўалдың белгиленген бөлегин оңлаў бойынша айрықша ҳәм анық тапсырмаға ийе. Ҳәмме жумысқа қатнасады. Ҳәмме өзиниң ўазыйпаларын түсинеди. Ҳәмме керекли. Ҳеш бир адам ямаса адамлар топар бундай үлкен жойбарды өзлери жуўмақлай алмаған болар еди. Бир команда сыпатында ислей турып, олар үлкен жойбарды иске асырады.
Команда болып қурыўдың қаншелли баҳалы екенин көрип турсыз ба? Сиз бул нәрседе қандай да бир ҳәрекет етиўиңиз керек пе?
12-принцип: Қарама-қарсылыққа қарсы шаралар көриң
Нехемия 4:7-9
Бирақ Санбаллат, Тобия, арабиялылар, аммонлар ҳəм ашдодлылар Ерусалим дийўалларының тиклениў ислериниң алға илгерилеп, бузылған жерлериниң пителип атырғанын еситкенде, қатты ашыўланды. Олар ҳəммеси бирге келип, Ерусалимге қарсы урыс ашыўға ҳəм ол жерде тəртипсизликти келтирип шығарыўға келисип алды. Сонда бизлер
Қудайымызға дуўа етип, олардан қорғаныў ушын күни-түни сақшылар қойдық.
Нехемияның командасын ҳеш нәрсе менен қорқытып болмайды. Бул жерде биз еле де көбирек даналық көрсетилгенин көремиз: бириншиден көбирек дуўа етиў, екиншиден өзин қорғаў ушын қараўыл қойыў.
Нехемия 4:14
Буларды көрип шыққаннан соң, ақсүйеклерге, басшыларға
ҳəм пүткил халыққа: «Олардан қорқпаңлар. Уллы ҳəм айбатлы Ийемизди еске алыңлар. Туўысқанларыңыз, ул-қызларыңыз, ҳаялларыңыз ҳəм үйлериңиз ушын урысыңлар», – дедим.
Сиз бул жерде бириншиликти қөрип турсыз ба? Нехемияның командасын ҳеш нәрсе менен қорқытып болмайды. Өз командаңды жигерлендириў ушын және бир мүмкиншилик.
Сиз қорқытыўлар себепли қорқып, өзиңиз ушын биринши орында туратуғын нәрселерди сақлап қала аласыз ба?
13-принцип: Командадағы алаўызлыққа байланыслы шаралар қолланың.
Нехемия 5:1-5
Сол ўақытлары халық ишинде, еркеклер ҳəм олардың ҳаяллары арасында өз туўысқанлары болған яҳудийлерге деген күшли наразылық жүзеге келди. Олардың базылары: «Бизлер көпшиликпиз, ул-қызларымыз көп. Нан таўып жеп, тиришилик етиўимиз ушын бизге бийдай керек», – деди. Ал базылары болса: «Ашлық ўақытта нанымызды табыў ушын,
атызларымызды, жүзимзарларымызды ҳəм үйлеримизди гиреўге берип атырмыз», – деди. Жəне басқалары болса: «Патшаға салық төлеў ушын атызларымыз ҳəм жүзимзарларымыз үстинен үстеме пул алдық. Бизлердиң яҳудий туўысқанларымыз бенен қанымыз бир, балаларымыздың да олардың балаларынан айырмашылығы жоқ. Бирақ бизлер ул-қызларымызды қул етип сатыўға мəжбүр болып атырмыз, қызларымыздың айырымлары əлле қашан
шорылыққа сатылды. Атыз ҳəм жүзимзарларымыз енди басқалардың қолына өткенликтен, бизлер шарасыз қалдық», – деди.
Адамзат тарийхында бундай кризис дәўиринде тосаттан ашкөзлик пайда болыўы биринши рет емес.
Нехемия тонаўшыларға ашық қарсы турады.
Нехемия 5:6-7
Мен олардың наразылығы менен усындай сөзлерин еситкенимде, қатты ашыўландым. Бираз ойландым, кейин ақсүйеклер менен басшыларға кейип: – Сизлер өз туўысқанларыңыздан үстеме алып атырсызлар ма? – дедим.
Мен усы мəселеге байланыслы үлкен жыйын топладым.
Қайта қурыў бойынша зәрүр болған миллий күш салыў ўақтында, айырым яҳудийлердиң өз ўатанласларынан пайда көриўге ҳәрекет еткени ашынарлы. Бирақ гүнаның шегарасы жоқ. Нехемия ҳеш екиленбестен оларды айыплайды ҳәм оларға шығынның орнын қаплаўды буйырады.
Нехемия 5:11
Ҳəзирден-ақ оларға өзлериңиз тартып алған атызларын, жүзим ҳəм зəйтүн бағларын, үйлерин, үстеме ушын төлеген гүмислеринe бийдайын, шарап ҳəм майларын қайтарып бериңлер.
Коррупцияға көплеген ҳүкимдарлар итибар бермеди. Бирақ Нехемия ондай емес еди.
Командада алаўызлық пайда болғанда, сиз шешиўши түрде ҳәрекет етесиз бе?
14-принцип: Алағада қылыўшы керек емес нәрселерден қашың!
Нехемия 6:1-3
Дийўалларды қурып, бузылған жерлериниң бирде-биреўин қалдырмай, толық оңлап болғаным Санбаллат, Тобия, арабиялы Гешем ҳəм басқа душпанларымның қулағына жетип барды. Бирақ ол ўақытта, мен еле дəрўазалардың қапыларын орнатып болмаған едим. Сонда Санбаллат пенен Гешем маған адам жиберип: «Оно тегислигиндеги аўыллардың биринде
ушырасайық», – деди. Олар маған зыян келтириў нийетинде еди. Сонлықтан мен де оларға хабаршылар жиберип: «Мен үлкен бир ис пенен бəнтпен. Сонлықтан бара алмайман. Не ушын мен исти таслап, сизлерге барыўым ҳəм жумысты тоқтатыўым керек?» – дедим.
Нехемия өз жойбарының ески душпанлары менен ушырасыўға мирәт етилди. Бул кимге керек? Нехемия дузақты ҳәм өзин алағада қылатуғын нәрсе барлығын түсинип, оннан аўлақ кетеди.
Сиз бул жерде Нехемияның мақсетке қарай баратуғынын, көз қарасларының тарлығын, өзи не қылыў кереклигин анық түсиниўин ҳәм өзиниң тапсырманы орынлаўға толық бағышлаўын байқайсыз ба?
Оның шақырылыўы анық. Басқа ҳеш нәрсе әҳмийетке ийе емес. Сиз ше? Сиз неге шақырылғансыз? Сиз буны анық көз алдыңызға келтире аласыз ба? Сиз буған дыққат қаратасыз ба? Дыққатыңызды жәмлең!
Пайдалы болды ма?
15-принцип: Қудайдың жарылқаўын күтиң!
Нехемия 6:15
Дийўал Элул айының жигирма бесинши сəнесинде, елиў еки күнде питкерилди.
Уллы жетекшилердиң нәтийжеге ерисетуғыны таң қаларлық емес пе? Қудай қайтпас мийнетти жарылқайды. Ол командалық күшлерди сыйлықлайды. Қудай дуўа етиўден ғәрезли болған жетекшилерди тыңлайды.
Жетекшилер! Сизиң қайтпас мийнетиңиз босқа кетпейди. Сиз жеңимпаз тәрептесиз. Қудай өзиңиз бенен екенине исенип, Ол сизди неге шақырған болса, сол нәрсеге қарай қулақ асыўшылық пенен жолға атланың!
Қәдирли жетекши, бул сизге жигер бере ме?
__________________________________________________
Усының менен болғаны ма? Нехемияның китабы усының менен жуўмақлана ма? Әлбетте, яқ. Бул китап еле де көплеген баплар менен даўам етеди. Не ушын? Биз барлық принциплер ишинде ең әҳмийетли болғанына жетип келдик:
16-принцип: Биринши гезекте руўхый машқалаларды қайғырың!
Қудайдың жер бетиндеги мақсети – бул имаратлар ҳәм дийўаллар ямаса қандай да бир физикалық нәрселер қурыў емес. Қудай Өзин сүйетуғын ҳәм Өзине сыйынатуғын адамларды қурыўды қайғырады.
Ерусалим әтирапында дийўал қурыў Қудайдың баслы мақсети емес еди. Бирақ енди дүзетилген ҳәм сыртқы ҳүжимлерден азат болған дийўал менен Қудайға үзликсиз сыйыныў тикленген болар еди.
Енди дийўаллар тикленгенде, китаптың қалғаны елдиң руўхый жаңаланыўына бағышланған.
Сол ўақыттан баслап:
Нехемия 8:1-12 – Муўсаның нызамы оқылады. Қудайдың сөзин писент етпеў оларды сүргинге алып келди. Бирақ сүргиннен қайтып келгенде, енди Қудайдың сөзин тыңлаў ҳәм ол бойынша өз келешегин қурыў ўақты келди.
Нехемия 9:1-37 – гүна мойынланды. Миллий тәўбе етиў зәрүр.
Нехемия 10:1-39 Қудайдың Муўса арқалы берген нызамы бойынша жасаўға жаңадан бағышланыў.
Нехемияның әўлады руўхый жолдан шығып кеткени себепли усындай машқалаларға түсип қалды. Сол дийўалдың қурылысы елди Қудайға тайсалмай, жәмленип сыйыныўға әкелиў бойынша тек қурал ғана болды.
Қурылыс бағдарламалары өз орнына ийе. Бирақ бәрқулла ең жоқары мақсет – бул Қудай менен байланыслы болған, Оған сыйынатуғын, Оған хызмет ететуғын ҳәм Оны сүйетуғын жүрек
болып табылады.
Сиз лазердиң нуры сыяқлы Ийемизди сүйетуғын, Оған бойсынатуғын ҳәм Оған еретуғын қәдирли жүреклерге ийе болыўға дыққат қаратысыз ба?