Забур 62-жыр
Бул жүдә жийи жүз берген жоқ. Бирақ жүз бергенде, бул сизди самал соққылағандай соққылайды. Сонда сиз үнсиз, ғам-қайғы ишинде отырып қаласыз. Бир достыңыз жүрегиндегин сиз бенен бөлисти, өмириндеги түртки берген нәрселер, өмириндеги ҳәўеслери неге жетелегени ҳаққында сизге толық ашық айтып берди. Биринши мәрте сиз оның нени белгилеп қойғанын билип атырсыз.
Сиз сол жерде отырсыз. Ол сизге жүрегин ашқаны ушын өзиңизди ҳүрметли сезиндиңиз. Енди сиз оның ең жақын досларының бири екениңизди билесиз. Бул өмирде сийрек болатуғын жағдайлар. Булар өмирдеги таңлаў пайтлары есапланады. Умытылмас сәтлер өмирде бир-бирине байланған.
Не нәрсе екенин табың! Бул бизлер гүўалық берейин деп атырған нәрсе, Мухаддес Китаптағы уллы бир адамның жүрегине сийрек ҳалда жетисетуғынымыз сыяқлы. Тарийхтағы уллы адам. Уллы адам – бул Даўыт.
Сийрек гезлесетуғын мүмкиншилик, бул Забур 62-жыр. Забур қосықлар қатарынан ибарат ҳәм бул әдеттен тыс сүйиспеншилик қосығы, жер жүзинде жасаған уллы адамлардың бириниң жүрегин ашып береди. Бурынғы ўақыттағы жәмәәт ақсақалларының бири Джон Крисостомның айтыўына қарағанда, ол өз дәўиринде жәмәәттиң ишинде усы Забурды қосық қылып айтпай бир күн де өткермеген екен.
Буны түсиндиңиз бе? Бурынғы жәмәәт бул қосықты ҳәр күни айтқан, себеби олар Забурдағы барлық жырлардың руўхы ҳәм жаны усы Забур 62-жыр менен келисим шәртнама қылынған деп есаплаған. Бул негизги нусқада қалай айтылған болса, сол нама бизлерде де болыўын сөзсиз қәлеймиз.
Мен бул сүйиспеншилик қосық жырын жүрегимниң айнасы деп айта алмайман. Деген менен, мен усындай болыўын қәлеймен. Егерде Забур жырларында Эверест таўы болғанда, сол таў усы жыр болар еди. Усы жырдағы аятларды әдалатлық пенен орынлаймыз деп үмит етемен. Бизлердиң алдымызда турған – бул үш бөлимнен ибарат болған сүйиспеншилик қосығы.
:2-6 – ҳәзирги ўақытқа пәт берилген
:7-9 – өткен ўақытқа пәт берилген
:10-12 – келешекке пәт берилген.
Бизлер ҳәзирги мәҳәлден баслаймыз. Даўыт усы жырды жазғанда, ол Жаратқан Ийе менен болған қарым-қатнасында анық қай жерде турған еди?
:2 «Қудай, Сен мениң Қудайымсаң,
Сени барлығым менен излеймен,
Жаным Сени аңсайды,
Кеўип, қуўрап ҳәм суўсыз қалған жерде,
Денем Саған интизар».
Усы аятта бир сөз үш мәрте қайталанғанын байқадыңыз ба?
Сени, Сени, Саған.
Оның нени сүйетуғынын түсиндиңиз бе? Ол Қудайды сүйеди. Ол Қудайды сүйеди. Аятқа және бир мәрте қараң. Даўыт өзине үлкен үй, көбирек пул, көбирек өзине ҳүрмет, көбирек саўға, жеңил өмир ямаса қолайлылық сорап атырған жоқ. Анық факт бойынша айтсақ, негизинде ол өзине ҳеш нәрсе сорап атырған жоқ.
Булардың орнына ол Қудайды излеп атыр. Қудайдан көбирек саўға алыў оның радар экранында жоқ. Ол саўға беретуғынға көбирек жақын болғысы келип атыр. Өмиринде Даўыт Оның изинен жуўырып атыр.
Ата-анамнан алған электрон хат пенен салыстырың: «Мен балаларым ҳаққында ойлайман, олар мениң менен бирге болыўды қәлеўдиң орнына, меннен бир нәрсе алыў ушын қоңыраў қылады ямаса үйге келеди», – деп жазды. Сол ўақытлар мени қапа қылады. Аспандағы Әкемиз Өзиниң тек жуўап бериўши сыпатында көретуғынымызды билген ўақытта қаншелли қапа болады, бирақ бизлер Оған жақын болыўдың орнына бир нәрселерди алғымыз келеди.
Бизлер Оннан екинши ең жақсы нәрсени сораймыз. Кеўиллеримиз жеңил ғана басқа нәрсеге бурылады. Менде дуўа етиў журналым бар. Буның ишинде айтарлықтай ҳеш нәрсе жоқ, бирақ ҳәр бир бетти ашып қарағанымда, Қудайдың дуўаларыма жуўап бергенин көремен. Мине, бул усылардан ибарат. Тек ғана жуўап берилген дуўаның артынан жуўап берилген дуўалар, жыллар артынан жыллар өтип, жуўап берилген дуўалар. Қыйын күнлеримде, усы китабымды алып, бетлерин ашаман.
Сонда усы дуўаларыма жуўап берген Қудай ҳәзирги қыйын жағдайымнан да алып шығатуғынын өзиме еслетемен. Бул мени көп жигерлендиреди. Даўыт дуўа етиў журналын критикаламайды. Сондай-ақ, ол бизлерге бундай дуўа мүтәжликлерге байланбағанын айтады. Масийхыйлардың өмиринде дуўаларына жуўаплар алғаннан да көбирек баҳалы нәрсе бар. Бул баҳалы нәрсе – Қудай менен тығыз байланыста болыў. Қудайды билиў. Қудай менен ўақыт өткериў. Қудайға жақын болыў.
Масийхыйлар жоқарыға келиң. Жоқарыға көтерилиң. Саўғаларды беретуғынды жақыннан танып алың. Сиз не ушын жаратылғансыз? Қудайды жақыннан билиў ушын. Өмириңиз ушын қандай мақсет қойыўыңыз тийис? Қудайды жақыннан билиў. Ийса беретуғын мәңгилик өмир деген не? Бул Қудайды билиў. Юхан 17:3 Мәңгилик өмир – бул дуўаларға көп жуўап алыўдан ибарат па? Ямаса жеңил өмирден ибарат па? Ямаса аспанда жарқыраўға ийе болыўыңыз ушын ба? Яқ.
Ақыр-ақыбет биз буны түсинип аламыз, усыған ҳәрекет етиң.
Юхан 17:3
«Мәңгилик өмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Қудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масийхты билиў», деп жазылған.
Мәңгилик өмирди Қудай менен жақыннан тығыз қарым-қатнас пенен теңлестиреди. Өмирде көбирек қуўаныш, шадлық ҳәм қанаатланыў алып келетуғыннан басқа ең жақсы не нәрсе бар? Бул Қудайды жақыннан билиў. Еремия 9:23-аятта «Жаратқан Ийе былай дейди:
– Дана адам даналығы менен, Күшли күши менен, Бай байлығы менен мақтанбасын», деп жазылған.
ЯҚШЫ, жақсы қайғылы нәрсе болды, егер сиз даналығыңыз бенен, күшиңиз бенен ямаса байлығыңыз бенен мақтана алмасаңыз, онда не нәрсе менен мақтана аласыз? Бирақ ол Мени түсинип ҳәм Мени танып билиўи арқалы мақтанған үстине мақтансын. Ҳәзирги ўақытлары Қудайды билетуғынын айтып, мақтанатуғын масийхыйлар ҳаққында еситемиз бе? Мине, бизлердиң мақсетимиз усы болыўы тийис.
Базы түсиниксиз себеплерге гөре Қудай бизлер менен дос болғысы келеди. Бизлер буны тәбийғый деп қабыллаўымыз мүмкин. Ал бул бизлерди таң қалдырыўы да мүмкин. Сонда не, Қудай мен сыяқлы ҳәлсиз ҳәм гүнакар биреў менен қарым-қатнаста болыўды қәлей ме? Сиз қалай ойлайсыз? Енди Қудай сондай қарым-қатнас болыўы ушын не ислегенине дыққат қаратың: бизлердиң Ийса Масийх арқалы мәңгилик өмирге ийе болыўымыз ушын, Ийсаны бизлердиң орнымызға өлимге жиберди.
Ең жақсы өмир не нәрсени усыныўы шәрт? Ҳәзир ғана бизлерге айтылды. Бул мынадан ибарат: Қудай менен тығыз байланыста болыў. Усы жерде тоқтаўымыз да мүмкин ҳәм жүреклеримиз толып тасыўы мүмкин, бирақ Забур жырында еледе көбирек нәрселер айтылады. Себеби бизлер еле 2-аяттамыз.
Даўыт Қудайға қандай жуўап қайтарды? Және көбирек әҳмийетли сөзлер:
:2 излеў,
:2 аңсаў,
:2 интизар болыў.
Бул жыр.
Бир аят қалайынша қосық етип айтылды деп ойлайсыз?
Қосық айтыўшы быдырлап кетпегенине исенимли болсаңыз болады. Ондай болыўы да мүмкин емес. Даўысты бәлент қылың. Ғәзепти жоқарылатып, усы сөзлерди белгилеп қойың. Салдамлы түрде сөйлесип атырмыз. Усы жыр қашан жазылған? Мухаддес жазыўдың басында бул шөлде жазылғаны ҳаққында мағлыўмат береди. Патша Даўыт шөлде қашан болған? Ол өзин патшалықтан аўдармақшы болған өз баласынан қашып жүрген ўақтында жазған.
Бул жерде Даўыт өз жанын сақлаў ушын қашып кеткен физикалық шөл ҳаққында айтып атырмыз.
Бул жерде эмоциялық шөлди айтып атырмыз, билесиз ол қапа еди.
Бул жерде руўхый шөлди айтып атырмыз, себеби ол Ибадатханада сыйына алмайтуғын еди.
Көтерилис ҳәм түсиниксиз дәўиринде, оның Қудайға жақынлаў ушын Оның артынан жуўырыўы. Булардың барлығы бир аяттың ишине киргизилген! Сизиң өмириңиз көтерилис ҳәм түсиниксиз дәўирде, сиз нениң артынан жуўырасыз?
Даўыт өз үйинен қашып жүрген ўақтында, ол нени сағынады?
:3
«Мухаддес Ибадатханаңда нәзер тасладым Саған,
Күш-қүдиретиңди ҳәм даңқыңды көрдим».
Пайтахттан қуўып жиберилгеннен соң, ҳәзир ол нени сағыныўы мүмкин? Сарайдың барлық артықмашылықларын ба? Плазма телевизорын ба? Үйде писирилген аўқатты ма? Футбол ойынын ба? Өз төсегин бе? Яқ, бул жерде Даўыт Ибадатханада Қудайға сыйыныўды сағынып атыр, деп айтылып атыр. Ол Ибадатханада болған ўақтында ең баслы сағынғаны – Қудайдың Өзи болады.
Ески Келисимдеги исениўшилерге Ерусалимдеги Ибадатханада Қудайға сыйыныў, бул үлкен ҳәм әҳмийетли мәселе еди. Оның өмиринде Қудайға сыйыныў Қудайдың уллылығын күшейтетуғын еди. Ерусалимдеги Ибадаханада Қудайға сыйыныў Ески Келисим исениўшилери ушын өз басынан кеширетуғын ең үлкен артықмашылық болған.
Жаңа Келисим исениўшилери: басқа исениўшилер менен биргеликте Қудайға сыйыныў сиз ушын үлкен ҳәм әҳмийетли мәселе ме? Буны жақсы артықмашылыққа ийе деп билесиз бе? Сыйыныўға қарағанда қандай да бир нәрсе үлкен әҳмийетке ийе болған ўақыт болды ма?
Енди Даўытқа қайтайық.
Сиз бир елдиң патшасы болған ўақтыңызда, саған қарсы көтерилис болса ҳәм ҳүрметсизлик көрсетилсе, кейин аман қалыў ушын қашасыз. Сондай ўақытта, сиз жубаныш табыў ушын қаяққа хабарласaсыз?
:4 «Сениң сүйиспеншилигиң өмирден абзалдур,
Соның ушын, тилим Сени алғыслар».
Даўыт қашып жүрген ўақтында, ол қаншелли сүйиспеншиликти сезди? Ҳеш қандай. Әлбетте, үлкен сүйиспеншилик бастан кешириў таптырмайды. Сонда жүрегинде үлкен бослық болған ўақытта Қудайдың терең сүйиспеншилиги ядына түседи.
Өмириндеги үлкен тәртипсизликтиң ортасында Қудайды алғыслаў ушын тоқтады, себеби ҳәттеки, бундай жағдайда Оның сүйиспеншилиги ол ушын мүмкиншилик еди. Қудайды билиў ис тәжирийбесинде мүмкин бе ямаса қандай??!!
:5 «Өмирим бойы Саған алғыс айтаман,
Сениң атың менен қолларымды жоқары созаман».
Ески Келисимдеги исениўшилер қолларын жоқары көтериўи арқалы Қудайға дуўа етип атырғанын билдиретуғын еди ҳәм олар Қудай жолларына не жиберсе де соны қабыллаўға тайын болатуғын еди. Басқа сөз бенен айтқанда – бул исенимниң сүўретлениўи еди. Өзи жазғанындай Даўыттың өмири тәртипсизликке толып кеткен еди, өмириндеги төмен жағдайлардың бири усы еди, бирақ оның үмити Қудайда болды.
:6 «Майлы жилик жегендей жаным тояды,
Шадлы даўыс пенен аўзым Саған алғыс-мақтаў айтады».
Даўыт Қудайды излеп, аңсап ҳәм интизар болып, не нәрсеге ийе болды? Усы жырдағы айтарлықтай ең күшли сөзге келдик. Жаным тояды. Яғный оның сөзи бойынша, денеси майлы жиликке, банкетте тойымлы аўқат жегениндей Қудай менен оның жаны тояды. Дәбдебели банкетте қарны тойғаны сыяқлы, Қудай оның жанын тойдырады. Сиз буны түсиндиңиз бе? Даўыт шөлде гезинде Қудайдың Өзинен тойыўды табады. Ҳәзирги ўақытлары өмиринде шыны менен де тойып жүрген қанша исениўшилерди билесиз?
Бизлер берген гуўалықларымыз не ушын нәтийжесиз екенине таң қалмаймыз ба? Сәлем! Мен исениўшимен, Қудайдың маған ислеп атырғанларына налыйман ҳәм тоңқылдайман. Сиз Масийхқа үмит байлап, Оған исениўди қәлейсиз бе, Ол сизиң өмириңизди де бахытсыз қыла алмай ма?
Даўыт шөлде ҳәм ол мен ҳеш қашан тойып, қанаатланыў алалмайман, деп қосық жырлап атырған жоқ. Даўыттың өмири қәўип астында. Ол қашып жүрипти. Даўыт өш алыўға ҳәрекет етип атырған да жоқ. Даўыт гүнаға қол урып атырған жоқ. Даўыт Қудайды излеп, Оның изинен баратыр. Ол усы басланған қозғалаңның, шаңарақ ишинде басланған пүткил ел бойлап тарқалып атырған пухаралық урыстың ортасында турыпты. Деген менен, Даўыт Қудайда тойыўды ҳәм қанаатланыўды тапты. Даўыт ҳеш нәрсе сорап атырған жоқ. Қудайды излеп атыр. Қудайды аңсап атыр. Қудайға интизар болып атыр. Усылай ислеп, өз жүрегиниң бослығын толтырып атыр.
Мениң бир достым өмириндеги тәртипсизликтен бир неше жылдан соң Масийхқа келди ҳәм Ийса менен бирге жасаўдың мәнисин түсинди. Сонда оның өмирине үлкен тынышлық орнады ҳәм ой-пикирине еки сөз келди: мен үймен. Бул сөзди айтқанда, мынаны нәзерде тутқан еди: оның сүйиспеншиликти, өмир мазмунын ҳәм қәўипсизликти ашыўланып излениўи ақырына жетти. Мен үймен.
Даўыт ҳәттеки, усы жүдә үлкен машқалалар шешилмесе де, Қудай менен бирге үйинде екенин жазады. Мен бүгин тойып, қанаатланған масийхыйман ба? Сиз бүгин тойып, қанаатланған масийхыйсыз ба? Егер яқ болса, усы аятлар бизлер ҳаққында не айтып атыр? Дурыс. Бизлер Қудайды излеп атырған жоқпыз. Қарсы алдыңызда қәдем таслаўға бир неше усынысларды көрип турсыз ба? Көрип турсыз деп үмит қыламан. Қудайдың изинен жүриўге күш салыўды баслаң ҳәм Даўыт сыяқлы тойыў ҳәм қанаатланыўға ийе болың.
Қудайды биринши орынға қойып, Оның изинен қатты жуўырыў арқалы бизлер қаншелли пайдалы нәрсеге ийе болып атырғанымыз әжайып. Егерде сизиң масийхыйлық өмириңиз исениўшилер менен бирге ҳәптесине бир мәрте сыйыныў менен шекленген болса, егер сиз шолақ сылтаўларыңыз себепли ҳәпте даўамында Мухаддес Китапты оқыўға ўақыт ажыратпасаңыз, онда Даўыт басынан кеширген бай тәжирийбени ҳеш қашан көре алмайсыз.
Мениңше, сиз усы 5 аят қалайынша маған Қудайды жақыннан билиўим ушын жийи төсегимде дизерлеўиме, дуўа етиўиме түртки салғанын ҳәм Даўытқа уқсаўды сорағанымды түсинесиз, деп үмит етемен.
Келиңлер, оның басқан адымы менен жүрейик! Бул қандай жағымлы!
Даўыттың Жаратқан Ийеге болған сүйиспеншилиги ҳәзирги ўақытта соншелли көп. Саатты артқа қайтарып, өтмишге нәзер таслайтуғын ўақыт келди.
:7-9 «Төсегимде жатқанымда, Сени еслеймен,
Түни бойы Сени ойлап шығаман.
8 Сен маған жәрдемши болдың,
Қанатларыңның саясында шадланып бақыраман.
9 Кеўлим Саған беккем байланған,
Оң қолың мени қоллап қуўатлайды».
Бул аятлар Даўыттың кимлиги ҳаққында толық мағлыўмат сыпатында сүўретленген. Себеби бул аятлар Даўыттың дөгерегинде ҳеш ким болмаған ўақытта не ислегени ҳаққында айтады. Бизлердиң қасымызда ҳеш ким жоқ ўақытта не ислеймиз ҳәм бул бизлер қандай адам екенимизди көрсететуғын ең баслы гилт. Даўыт не иследи?
:7 «Төсегимде жатқанымда, Сени еслеймен,
Түни бойы Сени ойлап шығаман».
Медитация (ой жуўыртыў) – бул сөзди бизиң мәдениятымыз шығыс динлерине байланыслы сөз деп есаплайды, бирақ бул қәте түсиник. Медитация, яғный ой жуўыртыў нағыз масийхыйлардың сөзи. Медитация деген Мухаддес Китаптағы аятты ямаса бир пикирди алып, өмиримизге енгизиў ушын, мәнисин тереңнен түсиниўге сораў ҳәм дуўа менен күш салыўымызды билдиреди. Бул нени аңлатады, деген сораўға уқсаған сораўларды қойыўымыз тийис. Өмириңизге бул аят қандай тәсирин тийгизиўи мүмкин? Бул аятта ким жақсы үлги болып атыр? Буны өмириңизде әмелге асырыўға не нәрсе ямаса ким кесент береди? Егер сиз сол аятты орынлап жасасаңыз, өмириңиз қандай болыўы мүмкин? Өз өмриңизге буны қалайынша қабыллай аласыз? Аятқа усындай сораўларды берип атырған ўақтыңызда, Қудайға жәрдем бериўин сорап, дуўа етесиз.
Бирақ үнсизлик сақлаң. Даўыт. Ҳәзир түнниң ортасы. Дөгерегиңде сени аңлыйтуғын ҳеш ким жоқ, әтирапыңда көрип қалатуғындай ҳеш ким жоқ. Интернетти қос. Ең таза порнография сайтын таўып ал. Буны ҳеш ким билмейди. Соны көриўге бар. Бундай нәрсе жүз бермейди. СИЗ ОНЫҢ АЎЗЫН ЖАБА АЛМАЙСЫЗ. Дөгерегимизде ҳеш ким жоқ ўақытта не ислейтуғынымыз әҳмийетге ийе. Төсегимизде уйықламай атырып, жатырған ўақтымыз әҳмийетке ийе. Даўыт сондай ўақытта Қудай ҳаққында тереңнен ойланып, ўақтын өткерди. Бул дегени Қудай ол ушын үлкен мәниге ийе болып, әҳмийетли есаплаған. Қудай ҳаққында тереңнен ойланыўға, медитация қылыўына анық не нәрсе түртки болған?
:8 «Сен маған жәрдемши болдың,
Қанатларыңның саясында шадланып бақыраман».
Өтмишке нәзер таслайтуғын ўақыт келди. Даўыт, артыңа нәзер тасла ҳәм Қудайдың саған қандай жәрдем бергенин көр. Солай етип, Қудайға болған қуштарлығыңды не ушын Оған қайтармайсаң. Даўыт усыны жазған ўақытта, ол қай жерде еди? Уллы патша Даўыт аман қалыў ушын қозғалаң көтерген өз улынан қашып жүрген еди. Даўыттың өмири ҳаққында оқың ҳәм оның дуўаларына Қудайдың жуўап берген узын дизимине көз таслаң.
Даўыттың узын болып толтырылған өзиниң дуўа етиў журналы бар еди ҳәм азғана жолларда Қудай оған жәрдем берген еди. Даўыттың дуўа етиў журналына болған көз қарасы бойынша дуўасына көбирек, көбирек және көбирек жуўап бер, деп сорамаған. Даўыт усы қыйын ўақыттағы өмиринде дуўасына жуўап алған китабына болған көз қарасы жәрдем сораў болмаған, ал жоқары қарай адым атып, жәрдем Бериўшиниң Өзин излеў болған. Қудайдың оған болған мийриминиң көплиги арқалы дуўасына соншелли көп жуўаплар алғаны ушын Қудайға миннетдаршылық билдирип атыр.
:9 «Кеўлим Саған беккем байланған,
Оң қолың мени қоллап қуўатлайды».
Қудай өтмиште маған жәрдем берип, салықлығыңды көрсеткениңе тийкарланып, Сениң көлеңкең болып, миннетдаршылық билдириўди қәлеймен. Даўыт Қудайды шын жүректен излеўши. Қанша адам Қудайды узақта тутыўды мақул көреди?
«Мен тек ғана Қудайдан кишкене нәрсе қәлеймен, өмиримди өзгертпей-ақ қойсын, бирақ мени бахытлы қылса болды, мениң баслы мақсетлеримди ҳәм нийетлеримди өзгертпей-ақ қойсын, тек арман қарай жақсы жасасам болады, жетерли». Буны ким жазғанын билмеймен. Бирақ буны Даўыт жазбағанына исенимлимен. Сондай-ақ, ол «Мен бириншимен, мен бириншимен» деп бақырып жүрген жоқ. Оның ой-пикиринде мынадай түсиник жалынлап турыпты: Қудайсыз ол ҳеш қандай да ылайықлы ямаса узаққа баратуғын бир нәрсе ислей алмайды. Исениўшиниң болыўы керек болған ең жақсы орын қай жерде? Бул орын мүмкиншилиги барынша Қудайға жақын жерде болыўы. Даўыт, усы жолды көрсеткениңиз ушын сизге рахмет.
Солай етип, бул сүйиспеншилик жыры болып, оның Қудайға жақынлаў ушын күшли қуштарлығынан ибарат. Ол ой жуўыртып, Қудайдың алдынғы қылған жақсылықларына да пәт береди. Енди келиңлер, оның келешекке қарай қандай умтылыс қылып атырғанын тыңлайық.
——————————————
Келешек
:10-12
Келешегимиз Даўыттики сыяқлы анық емес пе?
Даўыт былай жазады:
:10-11 «Ал жанымды алыўды қәлеп атырғанлар,
Жердиң түбине түсип, жоқ болады.
11 Олар қылыштың соққысына дуўшар болып,
Сағалларға жем болады».
Басқа сөз бенен айтанда, Қудай Даўыттың душпанлары менен Өзи шуғылланады. Даўыттың душпанлары көп еди. Билесизлер оның тән сақшыларының хызмети сол ўақытлары ең қәўипли жумыслардың бири еди. Бирақ сиз өз формасынан, яғный ўазыйпасынан шығып кеткен адамды көрдиңиз бе? Даўыт қанша түнди уйқысызлықта өткергенге уқсайды? Ондай көп емес.
Мынаны түсинип алың. Даўыт өз өмиринде ықыярлы снайперши болыўға урынған жоқ. Өш алыў оның радар экранында жоқ еди. Егер сизиң ҳәўесиңиз Қудайға қаратылған болса, онда қалайынша басқа нәрселерге ўақыт табасыз? Мениң өмиримде қыянеткер адамлар бар. Олар маған және не ислеўи мүмкин, деп қорқып түнлерди уйқысызлықта өткергенмен.
Шамалаўымша сиз усы тараў бойынша маған айтарлықтай уқсап кетесиз. Бул мынаны аңлатады: бизлер алдымызда турған Даўыттың берген хатына итибарсызлық бенен қараймыз. Қудайды излең. Өмириңиздеги жабайы тәбиятыңыз бенен шуғылланыўына Қудайға жол қойың. Мәсләҳәт: Ол сизден гөре жақсырақ жумыс алып барады. Оның жолын тоспаң. Ақырында ол келешекке қарай нәзер таслайды:
:12а «Патша болса, Қудайдан шадлық табады»
Ол бул жерде өзин үшинши бетте айтып өтеди. Ол өзиниң өмириниң ақыры бахытлылық пенен тамамланатуғынын биледи ҳәм баласынан қашып жүрсе де, сол ўақытта байрамлайды. Көз алдына келтиргеннен гөре үлкен қуўанышқа ийе.
:12б «Қудай ҳақы ант еткенлер қуўанышын жәриялайды».
Жаратқан Ийениң аты менен ант ишиў – Қудайға садықлығын көрсетеди. Түсиндиңиз бе? Сонда не, өз елиндеги халықтың көпшилиги Даўыттан жүз бурған ўақытта усы сөзлерди айтып атыр ма? Даўыт, Қудай сизиң өмириңизди жеңил қылып атырған жоқ. Және де, Қудай сизиң машқалаңызды дәрҳәл шешип атырған жоқ. Не ушын енди Қудайдан бас тартпайсаң?
:12б «Қудай ҳақы ант еткенлер қуўанышын жәриялайды».
Қудайдың аты менен ант ишиў – Қудайға жалынлы садық болыўды көрсетеди. Буған ҳеш қандай гүман жоқ. Ҳәттеки, бүгин оның өмири бузылып атырса да, ол шадлыққа бөленетуғынына исенимли. Сондай-ақ Қудай оның өмириниң ақырында қандай ис тутатуғынына жүдә қуўанышлы болды.
Ал Қудайға садық болмағанлар не?
:12в «Өтирикшилердиң аўзы жабылады».
Усы жырдың ағымының мәнисин түсиндиңиз бе? Бул сүйиспеншилик жыры ма?
Даўыт бүгин Қудайды аяўсыз түрде излейди, өйткени Қудай оған өтмиште жәрдем берди. Және де, ол келешекте уллы қуўанышқа ийе болатуғынын биледи. Егер сиз Забур 62-жырдағы екинши аяттағы мәнисин көриўди қәлесеңиз, сиз Матта 22:37-38-аятларда табасыз.
Мен дуўа етиўди унатаман. Мен дуўаларыма көп жуўап алдым. Бирақ мен дуўаларымның дизиминиң ең, ең жоқарысында не нәрсе болыўы керек деп ҳәмме ўақытта таң қаламан. Яқшы, егер бул шынында да уллы буйрық болса, оны жоқарыға жайластыр. Мен сондай қылдым. Мен буны ҳәр күни қыла алыўым ушын дуўа еттим. Егер бул шынында да уллы буйрық болса, онда мениң масийхыйлық өмиримде не ушын сийрек ядқа алынады?
Бул ҳаққында не ушын азғана ўазларда еситемен? Не ушын бул ҳаққында адамлар жүдә сийрек сөйлеседи? Не ушын усы аятларды ядлап алыўымды айтып, мени ҳеш ким жигерлендирмеди? Даўыт буның әҳмийетли екенин көре алған ҳәм усы Забур 62-жырда жазылғанындай жасады. Енди ҳәр биримиз түсиндик пе?
Бир неше жыллар даўамында мен масийхыйлардың жерлеў мәресиминде қатнастым. Усылардың ишинде, ҳәммесин өз ишине алған биреўин көрдим, усы бир мәресим айрықша болған еди. Бул Матфей деген жигиттиң жерлениў мәресими. Ол 38 жаста еди. Исениўши. Жәмәәттеги алғыс-мақтаў сыйыныў топарының ағзасы. Көп адамларды Масийхқа алып келген. Жәмәәтте Қудайға бар күши менен хызмет еткен.
Оның жерлениў мәресиминде адамлар көп болыўы таң қаларлық емес еди. Көп адамлар Матфейге ҳүрмет көрсетиў ушын турған еди. Ол жерде жақлары төмен түсип, ҳәр бир адам Матфейге ҳүрмет көрсетиў ушын турғанын өз көзиңиз бенен көриўге болатуғын еди. Олардың айтқан сөзлери үш сөзден ибарат еди. Бул үш сөз мынадай еди: «Матфей Ийсаны сүйди».
Аўа, Матфей сыйыныў топарының ағзасы болыўды жақсы көрди. Бирақ ол Ийсаны көбирек жақсы көрди. Аўа, Матфей өз шаңарағын сүйди ҳәм жақсы әке болды. Бирақ ол Ийсаны көбирек жақсы көрди. Ол жердеги ҳәр бир адам буны билетуғын еди.
Бул еситкенлеримниң ишиндеги ең күшли гуўалықлардың бир еди. Сизиң жерлеў мәресимиңизде сиз ҳаққында қандай сөзлер айтылыўы мүмкин? Матфей Забур 62-жыр бойынша өмир сүрди. Сиз қандай өмир сүрип атырсыз?
Қайсы жерден баслаған болсақ, сол жерден тамамлаймыз.
Забур 62:2
Қудай, Сен мениң Қудайымсаң.
Масийхқа исенип, Оған үмит байлағаның ушын, бүгин усы сөзлерди айта аласаң ба?
Сизге Масийхқа исениўиңизге жол қоймай атырған не нәрсе болыўы мүмкин? Ийса менен сүйиспеншиликли қарым-қатнасыңызды не ушын бүгин басламайсыз?
Усы еки айрықша сыпат Қудайдың Өз қүдиретин ҳәм гөззаллығын берген жер деп айтылған мухаддес жерде жүз берген.