Түсиндирме
Күнлердиң биринде азанда уйқыдан оянып, ҳаўа райының күн даўамында жаман болатуғынын еситтим. Күшли гүлдирмама болатуғыны 100% пайызға дурыс еди. Буған қосымша, күшли даўыл да күтилмекте еди.
Бундай ҳаўа райы мениң анамды тоқтатты ҳәм ол дүканға анаў-мынаў алыўға бармады деп ойлайсыз ба? Яқ. Оның зорлаўы менен машинаны ким айдаўы керек еди?
Бизлер күндиз анамның сүйикли дүканынан шыққанымызда, тынышсызланып қалдық. Аспан тас түнек еди. Самалдың тезлигинен жүриў қыйын болды. Гүлдирмама да күшейип кетти.
Бизлер қала бойлап машинада кетип баратырғанымызда, тамыры менен суўырылып атырған онлаған теректи көрдик. Олар машиналарды бүлдирип, үйлерди қыйратты, токтың сымларын үзип, көшелерди бөгеп таслады.
Мен ҳеш қашан әскерий зонада болмағанман, бирақ бул қыйралыўларды көргенимде, оның қандай болатуғынын түсиндим.
Айырым суўырылып қалған тереклерге 60 жыл болған еди, бирақ даўыл самалы келип, оларды суўырып алып кеткен, ҳәммеси қыйралып қалған еди.
Қулап қалған тереклердиң қасынан өтип баратырып, олардың тамырлары кишкене екенине дыққат аўдардық.
Биз бул ўақыядан қандай жуўмақ шығара аламыз? Мухаддес Китапта исениўшилер тереклер менен салыстырылады. Әжайып мийўелер сырығып турған теректен ким көз үзе алады? Бизлер ушын сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўхтың басқа жемислерине ийе болған ҳәм адамларды Қутқарыўшымызға әкелиўши исениўшиден жақсысы бар ма? Биз өзимиздиң масихый өмиримиз анық мынадай болыўын қәлеймиз: Толық, Жақсы, Жемисли, Абырайлы, Жарылқанған, Өзине тартыўшы, Мазмунлы.
Егер биз Ийса Масихқа өз Қутқарыўшымыз деп исенген болсақ, Ол да биз ушын анық усыны қәлейди.
Бирақ ҳеш бир теректи даўылдан аман қалады деп айтып болмайды ҳәм бундай теректиң келешеги қәўип астында, өйткени оның тамыры жоқ.
Негизинде, бундай болмайды. Тамыры болмаса, теректиң өзи де жоқ.
Қулап қалған тереклер беккем тамырға ийе болмағанлықтан, қымбатлы қун төледи. Бизлер менен де усындай болыўы мүмкин. Егер биз Қудай ойлағандай адамлар болыўды қәлесек, ҳәр биримиз өмиримизде өзимизди азықландырып, шайтан жиберетуғын даўылларға қарсы тура алыў ушын қоллап-қуўатлайтуғын ҳәм жәрдем берип туратуғын терең, беккем тамырды раўажландырып барыўымыз тийис. КӨЗ АЛДЫҢЫЗҒА КЕЛТИРИП КӨРИҢ: Жоқарыға, жемис бериўге қарай жол – бул төменге, беккем тамырларға қарай жол болып табылады. Жоқарыға қарай жол – бул төменге қарай жол болып табылады. Егер биз жемислерге дыққат аўдарып, тамырларды умытып қойсақ, сәтсизликке ушыраймыз. Бундай жол менен үлкен келешекти күтпей-ақ қойың. Пүткил күш тамырда. Өмиримдеги ең қараңғы, ең кеўилсиз ўақытларда мени тамырлар услап турды. Олар маған өзимнен болмаған күш берди.
Сизиң қандай масихый болатуғыныңыз тамырыңыз арқалы белгили болады. Солай етип, биз неден баслаўымыз тийис?
Мухаддес Китапты ҳәр күни оқып барыў тамыры
Ол қалған ҳәммесиниң табыслы болыўының гиреўи болып табылады.
Өткен бес жыл даўамында, мен Мухаддес Китапты бес түрли себеплерге байланыслы оқыдым:
1. Ата-анам маған Мухаддес Китапты берип, бәрқулла маған оқы, оқы, оқы дей берди. Сонлықтан мен Мухаддес Китапты оқыдым ҳәм олар маған оқы дегенди қойды.
2. Мен Масихқа исендим, мен өзимде шешиўим керек болған қандай да машқалалар бар екенин түсиндим. Сонлықтан мен усы мақсетлерде Мухаддес Китапты оқыдым. Бул жүдә жақсы себеп.
3. Адамлар маған руўхый нәрселер туўралы сораўлар бере баслады. Мен оларға жақсы жуўаплар бериўди қәледим. Сонлықтан мен оқыйтуғын едим. Бул да жақсы себеп.
4. Менменлик те араласты. Мен сизлерге қарағанда көбирек билиўди қәледим. Мен Мухаддес Китап сабақларындағы тартысларда жеңип шығыўды қәледим. Онша жақсы себеп емес.
5. Пүткил әлем Қудайы, мениң Жаратыўшым, мениң Қутқарыўшым мениң менен ҳәр күни сөйлескиси келеди.
Не ушын Ол мениң менен сөйлескиси келеди? Мен Мухаддес Китапты ҳәр ашқанымда, мениң өмирим ушын пайдалы болған бир нәрсени Қудайдың айтып бергиси келетуғыны таң қаларлық емес пе? Мен ушын Мухаддес Китапты оқыўға усыннан күшлирек себеп жоқ.
Адамлар тез-тез даўыслап айтып, гейде өз футболкаларындағы жазыўлар арқалы Ийсаның өз Ийеси екенин жәриялайды. Сондай ўақытта бундай адамларға: «Ийса Масих соңғы ўақытларда сизди неге үйретти?» – деген саўалды бериўимиз тийис.
Тилекке қарсы, биз бундай адамның оқыў ушын ўақты аз екенин еситемиз. Бул дурыс па? Ийемиз – бул биз қулақ асатуғын, ҳәмме нәрсени Оған унаў ушын ислейтуғын Ийемиз болып табылады. Сиз Оның бизлердиң не ислегенимизди қәлейтуғынын билип алың ҳәм кейин сол нәрсени ислең. Демек, Ийса Масих – сизиң Ийеңиз, бирақ сизде Оның не айтқанын еситиў ушын ўақыт жоқ, солай ма?
Ҳадал болың. Егер сиз Оны тыңлаў ушын ўақыт таба алмайтуғын болсаңыз, онда басқаларға Оның сизиң Ийеңиз екенин айтпаң. Ол сизиң Ийеңиз болып табылмайды.
Миссионер сапарларда мен (бул нәрсе мени қатты таң қалдырды) шопанлардың хызмет себепли күшли бәнт екенин ҳәм сонлықтан Мухаддес Китапты оқымайтуғынын жасырмай айтқанын еситтим. Олар бул хызмет дене менен хызмет етиў ғана екенин түсинбейди. Шопаны усындай болған жәмәәтке ким барғысы келеди?
Деген менен, ҳәмме ағзалары (ең баслысы жетекшилер) ҳәр күни Мухаддес Китапты оқып, Қудайды тыңлайтуғын жәмәәтте болыў қандай қуўанышлы!
Биз Тимофейге жазылған 2-хат 3:16 да айтылған мына сөзлерди есте сақлаўымыз керек:
Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
Пүткил Мухаддес Жазыў Қудайдың аўзынан шыққан болып, олардың ҳәммеси бизиң пайдамызға арналған. Сиз қолыңызда турған усы Мухаддес Жазыў услап турған китаптың өмириңиздеги қалған ҳәмме нәрседен айырмашылығы сонда, ол ҳеш қашан редакторланбаған, оның жарамлылық мүддети шекленбеген, оны тат баспайды ҳәм ол ширип кетпейди. Өмирдеги қалған ҳәмме нәрседен айырмашылығы сонда, бул китап пүткиллей тәсирли, пайдалы, қунлы ҳәм зыянсыз. Оған өмириңизге кирип келиўге жок қойың ҳәм өзиңиздиң Масихқа уқсап баратуғыныңызға қуўаның.
Биз бүгин қарап шығып атырған тамырларды атап айтыў тәртиби қәлеген тәртипте болыўы мүмкин. Егер сиз және бир нәрсени қоспақшы болсаңыз, буны ислесеңиз болады. Бирақ сиз ҳәр күни Мухаддес Китаптың оқыў сондай күшли тәсирге ийе болып, басқа ҳәмме тамырларға тәсирин жасайтуғынын ҳәм әҳмийетке ийе екенин көресиз деп ойлайман.
Сиз Мухаддес Китапты оқыў бойынша өз тамырыңыз үстинде қаншелли инталы, қаншелли үзликсиз ислейсиз? Өз жәмәәтиңизди жарылқаўды қәлейсиз бе? Олай болса, Мухаддес Китапты оқыўды биринши орынға қойың.
Сыйыныў тамыры
Биз сыйыныў не ушын тамыр болып табылатуғыны бойынша саўал қойыўымыз мүмкин. Сыйыныўдың мыналарды аңлататуғынын билемиз: биз дизерлереп отырамыз, Қудайға алғыс айтамыз, сүйиспеншилигимизди билдиремиз, Оған хызмет етиўе таяр екенимизди айтамыз. Ол усылардың ҳәммесине ылайықлы.
Аўа, бул усындай. Бирақ егер сыйыныў тамыр болса, онда бул сыйынған ўақтымызда, өзимизге азатлық алатуғынымызды билдиреди. Қалайынша? Биз Қудайдың уллылығы, қүдирети, Оның бизлерде жоқ болған шексиз мәртебеси ушын рахмет айтсақ, онда бизлерде дурыс түсиник раўажлана баслайды. Биз өзлеримизге Әкемиздиң қандай екенин еслетемиз. Оның менен қарым-қатнасқа ийе болсақ, қаншелли қорғаў астында екенимизди өзлеримизге еслетип қоямыз. Биз өзлеримиз қоллана алатуғын руўхый мүмкиншиликлерди еслеймиз. Сыйыныў бизге ҳақыйқатлыққа Қудайдың көз қарасы менен қараўға жәрдем береди.
Буннан тысқары (БУЛ ЖҮДӘ ӘҲМИЙЕТЛИ), биз өзимиз неге сыйынсақ, соған усап бара беремиз. Спортшыларға сыйының, сонда сиз ушын тек жеңислер әҳмийетли болады. Саўдагерлерге сыйының, сонда сиз ушын тек ақша әҳмийетли болады. Ийса Масихқа сыйының, сонда сиз ушын Оған усап барыў әҳмийетли болады.
Мен бурын көп жыллар даўамында исениўши болғанымда, сыйыныўдың нени аңлататуғынын түсинбейтуғын едим. Сонлықтан, екшемби күни азанда жәмәәтке қатты кешигип келгенимде, қысынбайуғын едим. Бирақ сыйыныў Қудай ушын қаншелли әҳмийетли екенин ҳәм өзим сыйыныў арқалы қандай пайда алыўым мүмкин екенин түсине баслағанымда, мен екшемби күниндеги хызметтиң бир сәтин де өткизип жибериўди қәлемейтуғын болып қалдым.
Қудай бизлердиң қолымыздан келетуғын ҳәмме сыйыныўға ылайықлы. Бирақ ол сизди де жаңа дәрежелерге көтереди.
Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў тамыры
Мен Масихты өз Қутқарыўшым деп қабыл еткенимнен бери, өзим барған барлық жәмәәтлерге менде бир сораў бар. Усы жәмәәтлердиң ҳәммеси де екшемби күни мектеплериндеги, балалар клубларындағы, өспиримлер топарындағы балаларды Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаўды мәжбүрлеўге қатты тырысатуғын еди.
Бул ҳәмме ўақытта исленип келинди.
Бирақ не ушын олар ересек адамларды Мухаддес Китаптағы аятларды ядлап барыўға қатты шақырмайды? Себеби аятлар балаларға өмирде азғырыўларға берилмеў ушын керек, ал бирақ олар ересек адамларға керек емес пе? Сиз ондай емес екенин билесиз.
Мухаддес Жазыўды ядлаўға дыққат аўдарылмаўы – бул 21 әсирдеги масихыйлықтағы «өли зона» болып табылады.
Тоғыз жыл бурын бир достым аятларды ядлаўға ямаса әлле қашан ядланған аятларды қайталаўға күнине 15 минут, ҳәптесине 6 күн ажыратыўды мәсләҳәт еткен еди. Бул мен ушын руўхый мускулларды нығайтыўға жақсы шынығыў болды! Мен бул исти Масихқа келген күнимнен-ақ басламағаныма өкинемен. Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў мениң өмиримди аңсатырақ қылмайды. Бирақ бул маған өзимнен келмейтуғын күш ҳәм даналық береди.
Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў бойынша көп себеплер келтириледи. Римлилерге 12:2 – мениң сүйикли аятым.
Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар.
«Ой-пикирлериңизди жаңалап» деген сөз грекше «metamorphosis» деген сөзден келип шыққан болып, ол гүбелек қуртты гүбелекке айландыратуғын процессти, ямаса басқа формаға өзгериўди аңлатады.
Биз ақылымызды Қудайдың сөзи менен толтырып, жаңалап барамыз. Сизиң атыңыз, денеңиз сондай болып қала береди, бирақ сиз ишлей басқа адамға айланасыз. Сиз Масихқа уқсап барасыз.
Сиз көп адамлардың меннен де тезирек ядлайтуғынын билесиз. Олардың ақылы ушын Қудайға шүкир! Бул маған усы исти ислемеў керек дегенди аңлатпайды. Аятларды ядлаў – бул жарыс емес. Өзиңизди басқалар менен салыстырмаң. Тек аятларды ядлаң.
Мухаддес Китаптың үйрениў аятларды ядлаў бойынша көп басқа себеплерди ашып береди. Қудайдың сөзи сизиң есиңизде болады! Бир ойлап көриң, қандай қүдирет!
Мен масихый өмирдеги ересек ер адам менен өспирим бала арасындағы айырмашылық аятларды ядлап қалыўдан ибарат деп беккем исенемен. Аятларды ядламай турып, сиз ҳеш қашан Қудай көргиси келген ҳәм өзиңиз қәлеген адам бола алмайсыз.
Дуўа етиў тамыры
Бир саўдагер өз өмириндеги мақсет туўралы айтып, былай деген еди: «Сиз билесиз бе, мен өз компаниямның бас директоры болғым келеди. Мен өз компаниямды өз тараўында жетекши қылғым, шет еллерде бизиң позицияларымызды күшейтким ҳәм қолайлықларға ийе болып жасағым келеди».
Буны тыңлаған бир адам былай деген еди: «Булардың ҳәммеси болғаны ма? Не ушын сизиң мақсетлериңиз соншелли қысқа. Сиз мәңгиликте жемислерин жыйнап алыўға болатуғын мақсетлерге дыққат қаратыўыңыз тийис емес пе?»
Ал бизлер ше? Бизлер таўларды қозғалтыўды сорап, Қудайға дуўа етиўдиң орнына қандай да бир әҳмийетсиз, ўақытша нәрселер ушын дуўа етемиз бе?
Матта 17:20 да Ийса оларға былай деген еди: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды.
Дуўа еткениңизде, усы аятқа сүйенесиз бе? Алдыға қойған мақсетлериңиз ушын дуўа етесиз бе? Мәңгиликтеги әҳмийетли нәрселер ушын ше? Масихты алғыслаўшы, жәмәәтти беккемлеўши, өмирди өзгертиўши нәрселер ушын ше?
Келиңлер, Ийемиз бизиң қалаларымыздағы бийпәрўалық таўларын сүрип таслаўы ушын дуўа етейик.
Келиңлер, адамлардың Масихқа исениўи ушын, Ийемиз олардың жүрегиндеги гүна таўларын сүрип таслаўы ушын дуўа етейик.
Келиңлер, Ийемиз исениўшилердеги ериншеклик, материализм, әдеп-икрамсызлық таўларын сүрип таслаўы, олардың Масихқа еле де тәсирлирек хызмет етиўи ушын дуўа етейик.
Мен Матта 17:20 бойынша өзимниң жеке дизимимди жийи-жийи дүзетуғын едим. Оны айнаға қыстыратуғын, онда жазылған сөзлер ушын күшли дуўа ететуғын, өз дуўама берилген жүдә тәсирли айырым жуўапларды көретуғын едим.
Ийшая 62:7 былай деп күшлирек сөз етеди:
Ҳәй Ерусалим, дийўалларыңа гүзетшилер қойдым,
Олар күни-түни үнсиз қалмас.
Ҳәй, Жаратқан Ийени еске алыўшылар,
Өзлериңизге тынышлық бермең.
Ерусалимди беккемлеп,
Оны жер жүзиниң даңқы қылмағанша,
Жаратқан Ийеге тынышлық бермең.
Ерусалим ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдан шаршамай сораўы керек болған қараўыллар тайынланады.
Сиз Масих пенен аспанда ушырасқаныңызда, Ол сизге күлим қағып: «Сен Маған тынышлық бермейтуғын едиң, үзликсиз дуўа ететуғын едиң. Сен өз хожалығың, өз жәмәәтиң, өз қәўимиң, өз елиң ушын дуўа ететуғын едиң», – дегенин көз алдыңызға келтирип көре аласыз ба?
Усындай атаққа ийе болыў қандай жақсы! Алға! Сизиң дуўа етиў тамырыңыз қаншелли терең болады?
Дуўа етиў менен жийи-жийи байланыслы болған бул:
Ораза тутыў тамыры
Бул не ушын тамыр? Бизлердиң көпшилигимиз оразаны умытып, өмир жолымызды даўам етиўди қәлеймиз. Матта 9:14 ке қараған ақылға муўапық болар еди:
Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан:
– Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
О, Ийса, Сенде машқала бар. Ҳәмме ораза тутса да, Сениң шәкиртлериң ораза тутпайды.
Ийса оларға:
– Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? – деди.
Мениң избасарларым олар менен бирге болғаныма сондай қуўанышлы. Сонлықтан олар ораза тутпаса да, болады.
Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады.
«Олар» деген сөз мени де, сизлерди де билдирип, бул ден-саўлығымызың қандай болғанына байланыслы. Ийса Масих Жер планетасын қалдырып кеткенде, Өз избасарларының дуўа ететуғынына исенди ҳәм буны анық билди.
Ҳақыйқый шәкиртлер (ден саўлығы көтере алғанынша), ораза тутады. Мухаддес Китапты оқыңлар ҳәм сонда ол жерде оразаның 50 реттен көбирек тилге алынатуғынын көресиз. Жәмәәт тарийхын үйрениңлер ҳәм сонда, исениўшилердиң ҳәмме әсирлер даўамында ораза тутып келгенин көресиз. Оразаға салдамлы қатнаста болатуғын исениўшилер менен сөйлесиң ҳәм сонда, бул истиң жарылқаў екенин түсинесиз.
Көп жыллар алдын, мен бир шопанның үлкен мүмкиншиликлерге ийе, соның менен биргеликте машқалалар менен қыйыншылықлар да болған өз жәмәәти ҳаққында сөз еткенин еситтим. Ол усы барлық мүтәжликлер ушын ҳәптесине бир мәртебе болса да, қалай ораза тутпаўға болатуғынын көз алдына келтире алмайтуғынын айтқан еди. Сол ўақыттан баслап, мен оннан өрнек алып келмектемен.
Биз жийи-жийи исениўшилердиң: «Ўай, менде үлкен машқала пайда болды ҳәм мен оны шешиў ушын қолымнан келген ҳәмме нәрсени иследим», – дейди.
Мен сонда: «Сен ораза туттың ба?» – деп сорайман. Әдетте: «Яқ», – деген жуўапты аламан. Ондай жағдайда, сиз машқаламды шешиў ушын, қолымнан келген ҳәмме нәрсени иследим, деп айтпаң. Ораза – бул бизди табысқа жеткизетуғын тумар емес, ал ол – биз (егер ден саўлығымыз жол қойса) қоллана алатуғын қурал болып табылады. Егер биз оразаға салдамлы түрде қатнас жасасақ, Қудай оны Өз сөзиндеги терең ҳақыйқатларды ашыўда ҳәм көп жарықлқаўларға қос оны Өзи менен толтырыўда қолланады. Бәлким, ораза тутыў ўақты келген шығар?
Ҳеш қашан тәлим алыўды тоқтатпаған шәкирттиң тамыры
Мен Қудай өзлерине нелерди үйреткени бойынша күннен-күнге, айдан-айға, жылдан-жылға тек бир нәрсени айта беретуғын бир неше масихыйды билемен. Олар ҳәммесин ертеңге қалдырады. Олар Қудайдың өзлерине жаңа нәрсени үйретиўине жол қойып бермейди.
Басқа тәрептен қарасақ, сиз Сулайман жазған мына сөзлерге салдамлы қатнаста болған исениўшилер менен сөйлесиўди асығыслық пенен күтесиз:
Балам! Егер сен сөзлеримди қабыл қылып,
Буйрықларымды ишиңде сақласаң,
Даналыққа қулақ түрип,
Түсиникке жүрегиңди ашсаң,
Егер ақыл-парасатты шақырып,
Түсиникке даўыслап жалбарынсаң,
Оны гүмис киби излеп,
Көмилген ғәзийне киби ақтарсаң,
Сонда сен Жаратқан Ийеден қорқыўдың не екенин түсинип,
Қудайдың ким екенин билесең.
Сулайман бизлерди руўхый белди алып, Мухаддес Китапты қазыўға, бийбаҳа байлық излеўде тоқтап қалмаўға шақырады. Терең шахтада болған байлық сыяқлы, олар бизлерди қашан жетип келеди, деп күтпекте.
БИЗЛЕРДИҢ ҲӘР БИРИМИЗ өзлеримизге бериўимиз керек болған сораў мынадай: «Егер Қудай саған енди басқа ҳеш нәрсени үйретпейтуғын болса, сен не ушын еле өлип қалмадың?» Сизиң әтирапыңызда тәлим алыўға умтылатуғын адамлардың болғаны жақсы. Олар менен ҳәр сөйлескениңизде, оларда Мухаддес Китаптан жаңа ашылыслар болып, олар сол нәрселер менен қуўанышлы түрде бөлиседи.
Маған жылына үш хат жоллайтуғын бир ҳаял бар еди. Ол ҳәр бир хатында өзи Мухаддес Китаптан билген қызық бир нәрсе туўралы гүрриң ететуғын еди. Ол өзи гүрескен қандай да бир гүна, өзи Масихқа әкелиўге тырысқан бир адам ҳаққында гүрриң айтып беретуғын еди. Ҳәр жылы үш хат. Мен соңғы хатты ҳаял 103 жасқа толғанда алдым.
Минекей, пүткил өмири даўамында үйренип баратуғын адам. Ол белди алып, Мухаддес Китапты қаза баслайды. Ол ҳеш қашан тоқтап қалмайды.
Солай етип, ҳаялдың 104 жасқа шыққан туўылған күнинде, бир неше достысы келген еди. Ол досларының ҳәр бирине сораў берди. Ол досларының ҳәр биринен: «Сен жақын арада Мухаддес Китаптан қандай аятты ядладың?» – деп емес, ал: «Сен жақын арада Мухаддес Китаптағы қайсы бапты ядладың?» – деп сорады.
Қурбанлық бериў тамыры
Исениўшилердиң не ушын Филиплилерге 4:17 ни писент етпейтуғынына ҳеш түсине алмайман. Егер сен Қудайға берсең, сен сол нәрсени жоғалтасаң, дейди шайтан. Сен бүгин қурбанлық ыдысына бир нәрсе салдың ба? Сен буны не ушын иследиң? Сениң ақшаң азырақ болып қалар. Сен бир нәрселерди үнемлеўге тырысарсаң.
Бирақ сол аятты оқыйық:
Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман.
Бул жерде егер сиз берсеңиз, онда соған ерисеңиз, деп айтылған. Егер сиз Масихқа исенген болсаңыз, онда аспанда сизиң өз «есап бетиңиз» бар. Сиз Ийемизге бир нәрселерди ҳәр бергениңизде, усы сумма сизиң есап бетиңизге жазып қойылады. Яқ, сиз оны өзиңиз бенен бирге ала алмайсыз. Бирақ сиз оны «алдына» қарай жибере алыўыңыз ҳәм кейин есап бетиңизди мәңгиликте, аспанда қолланыўыңыз мүмкин. Бул қандай әжайып!
Хызмет етиў тамыры
Айырым адамлар семирип кетип, өз ден саўлығына зыян тийгизген.
Ал сиз масихыйлардағы руўхый семизликке қалай қарайсыз? Олар жақсы ақыл-нәсиятты, тәлийматларды өзлерине сиңдирип алып, кейин олар менен ҳеш нәрсе қылмайды. Бул тоқтап қалыўға, исип кетиўге, масихый өмирдиң ашып кетиўине алып келеди. Руўхый семирип кеткен масихыйлар тийкарғы принципти, яғный ким Қудайға көп адам әкелсе, тезирек өседи, деген принципти түсинбеген болады. Олар өз өмирин басқалар менен бөлиседи, үйлерине босап қайтады. Өзлериниң руўхый өмирлерин Мухаддес Китаптағы ҳақыйқатлар менен зарядкалап болып, және басқаларға хызмет етиўге кетеди. Олар Ийемиздиң өз умтылысларын жарылқап атырғанын көреди. Олар руўхый мускулларын раўажландырады ҳәм жақсы руўхый форманы сақлайды. Солай етип, хызмет оларды қызықтырады.
Сиз дастурхан әтирапында күнине 24 саат, ҳәптесине 7 күн даўамында аўқат жеп отырыўды нийет етпеген шығарсыз. Сиз руўхый азықты күнине 24 саат, ҳәптесине 7 күн даўамында жеўди де ҳеш қашан нийет етпеген шығарсыз.
Бәҳәрдиң бир күнинде, бизлер жәмәәт жумысларына қатнасыўға жазылдық. Егер бир нәрсени бояғыңыз келсе, жазылың. Егер еденлерди бояўыңыз келсе, жазылың ҳәм т. б.
Мен кеңес ағзаларының бириниң усы дизимлердиң бирине жақынлап, олардағы бир неше аттың өширгенин көрдим. Мен таң қалып, оннан неге буны ислегенин сорадым.
Оның жуўабы мынадай болды: «Бул адамлар ҳәммесине жазылады, бирақ олардың сөзи ҳеш нәрсеге турмайды».
Кейин не болғанын таба қойың. Сол күни, ҳәмме ислеп атырғанда, сол адам сызып таслағанлардың ҳеш бири келмеди. Олардың белгили бир жумыслары болып, олар усы арқалы өзлерин ақлады.
Бир адам былай деп жазған еди:
«Өз ерки менен келип жәрдем беретуғын адамлар таяр болмағаны ямаса келмегени, я болмаса, келмейтуғынын айтып, ескертпегени себепли, жәмәәтлер ҳәр ҳәптеде бир нәрселерди ойлап табыўы керек болады».
Өз ҳаялына тек 70% пайызға садық болған ер адамды опадар күйеў деп атаўға бола ма? Ҳеш қашан. Ал өз сөзине тек 70% пайызға садық болған исениўшини садық хызметши деп атаўға бола ма?
Ийса Масихтың жақсы избасары қосқа жегилиўге де, қурбанлық орынға бағышланыўға да, хызмет етиўге де, қурбанлық болыўға да таяр болған өгиздей болыўы тийис. Ол Қудайдың қәлегенинше, толығы менен Қудайдың қолы астында болыўы керек. Сиз жақсы өгизсиз бе? Сизиң хызмет етиў тамырыңыз қандай?
Қулақ асыў тамыры
К. С. Льюис Ийса Масихты өз өмирине ағып турған кранды оңлаў ушын шақырғанын айтқан еди. Буның орнына Масих пүткил үйди бузып, оны жаңадан қурған еди. Ол нени нәзерде тутқан еди? Ол өзин ондай күшли гүна ислемейтуғын адам деп ойлап, Масихтан жәрдем сорағанын нәзерде тутқан еди. Яғный, ол ағып турған кранға уқсайтуғын еди. Бирақ Ийса Масих Льюистиң өмириндеги барлық гүналарды көрди ҳәм оның мақсетлерин, тилеклерин, әрманларын ҳәм әдетлерин қыйратты. Олардың орнына оннан Масихтағы жаңа адамды жаратты.
Гейде қулақ асыўшы болыў аўыр болыўы мүмкин. Егер сиз орайында өзиңиз болатуғын динди излеп атырған болсаңыз, онда масихыйлық сиз ушын емес. Қудайға бойсыныў – бул демек Оның бизлерде жаңа өмирди жаратыўына рухсат етиў, яғный сол өмирдиң орайында Оның әрманлары, ойлары, мақсетлери ҳәм жобалары болыўы тийис дегенди аңлатады.
Келиңлер, Ийса Масихты жин менен алжастырмайық. Сыйқырлы лампаны үйкеп жиберип, Қудайға өз еркиңизди орынлатыўға болмайды. Егер Ол сиз қәлеген нәрсени орынлаўдан бас тартса, сиз Оннан ўаз кешесиз бе? Өзиңизди жаратқан ҳәм сизди қутқарған Қудайға толық бойсыныў ўақты келген жоқ па екен?
Хош Хабар айтыў тамыры
Мүмкин, бул және бир жумбақ болыўы мүмкин. Бул не ушын тамырлардың бири болып табылады? Әлбетте, егер сиз биреўге Ийса Масихқа исениўге жәрдем берсеңиз, олар жарылқаў алады. Бирақ егер Хош Хабар айтыў тамыр болса, онда бул сизиң де жарылқанатуғыныңызды аңлатады. Қалай қылып?
Бул туўралы ойланып көриң. Хош Хабар айтыў сизди мыналарды ислеўге жол ашып береди:
Басқаларға туўры келетуғын аятларды келтириў ушын, сизге Мухаддес Жазыўдағы аятларды ядлаўға себеп болады;
Өзлериңиз гүўалық айтқан адамлардың жүреклери ашылсын деп, олар ушын дуўа етиўе жәрдем береди;
Өзиңизге берилген сораўларға жуўап бере алыўыңыз ушын, сизди Мухаддес Китапқа қарай бағдарлайды;
Сиз өзиңиз болыўыңыз керек жерге, яғный Жер планетасындағы руўхый саўаштың ортасына қояды.
Әдетте, бизлерде гүўалық айтыўға мүмкиншилик туўылса, биз үйимизге кеўилимиз көтерилип қайтамыз. Себеби өзимиздиң басқалар еситиўи керек болған нәрсени бере алғанымызды билемиз.
Егер бизге Хош Хабар айтыў ушын қандай да бир себеп керек болса, онда адам дозаққа түссе қандай болатуғыны туўралы ойлап көриң. Ол жерде Қутқарыўшы жоқ, мийрим-шәпәәт жоқ, үмит жоқ, жақсылық жоқ, тек шексиз өкиниш ғана бар. Ол жерде өзиңнен басқа айыплайтуғын да ҳеш ким жоқ. Мәңгиликке. Әтирапымыздағы адамларды усындай келешек күтип турғанда, үндемей тура аламыз ба?
Екиленбең, сизге набыт болып атырғанлар менен ислесиў қаншелли қыйын болса да, оларды туўры жолға салыў бойынша, Қудай ис-ҳәрекетлериңизди жарылқайды. Сизиң сөйлеўди баслағаныңыз ҳәм Масих туўралы айтқаныңыз арқалы қанша адам жарылқанады?!
Туўысқанлық тамыры (қарым-қатнас)
Мен қартайған ҳәм жүдә тәжирийбели бир миссионер менен қатнасаман. Мен оннан табысқа ерисиўиниң сыры неде екенин сорадым. Ол ҳеш қандай даў-жәнжелсиз, бәрқулла Қудай менен бирге болып, алға илгерилеп барған еди. Ол жас өспирим бала ўақтынан-ақ, Қудайға бәрқулла садық болып келген еди. Оның табысының сыры неде еди?
Сулайманның ҳикметлери 28:13. Шама менен қырық жыл алдын, ол Мухаддес Китапты үйренетуғын бир ерлер топарының ағзасы болған еди. Күнлердиң биринде, ол сабақтан шығып үйине келип, ҳаялына ол жерге қайтып бармайтуғынын айтты. Ҳаялы оған баратуғынын айтты, себеби оның сабақтан бәрқулла кеўли көтерилип келетуғынын түсиндирди. Сол адам топарға барыўын даўам етти.
Кем-кемнен сабақларда өзгерислер жүз бере баслады. Ер адамлардың ҳәр бири өзлеринен нықапларын әсте-ақырынлық пенен шеше баслады. Олардың бири өзинде порнографияға байланыслы күшли машқаласы барлығын айтып берди. Басқасы менменлик пенен гүресип атырғанын билдирди. Және биреўи өзин «Қырсық» деп есаплағанын айтып, бөлисти. Басқа биреўи ашыўшақлық пенен гүрести. Бесиншиси не менен гүрескени ядымда да жоқ.
Бул топарды сақлап турған аят олардың бирге турыўына жәрдем етип киятыр еди. Бул аят – Сулайманның ҳикметлери 28:13 еди.
Қылмысын жасырған табысқа ериспес,Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
Олардың ҳәр бири егер биз нықап тақсақ, бул екижүзлик ҳәм ўақытты босқа сарплаў екенин биледи. Олар 35 жыл даўамында қарым-қатнас қылып турады (гейде скайп арқалы). Ал ушырасқан ўақытта болса, дәрҳал ис туўралы сөйлеседи. Олар: «Порнография, менменлик, ашыўшақлық ҳәм т. б. менен қалайсаң?» – деп бир-биринен сорайды.
Мениң достым өзиниң беккем исениминиң сыры – бул жигер, есап бериў ҳәм сол ерлердиң дуўа етиўи екенин айтты. Туўысқанлықтың мәниси қарым-қатнас болып табылады. Ҳеш ким ҳеш қашан масихый өмирде жалғыз жасаў керек деп айтпаған. Мүмкин, Сулайманның ҳикметлери бойынша, өз топарымызды дүзиў ўақты келген шығар?
Дем алыў тамыры
Егер сиз өз тамырыңызға қарасаңыз, олар дем алып атырған, дем алып атырған ҳәм және бир мәртебе дем алып атырған болса, онда сизде машқала болғаны. Теңпе-теңлик зәрүр болады.
Жаратылыс 1-бапта Қудай өмир ритмин орнатқан. Алты күн жумыс исле, ал жетинши күни дем ал. Егер сиз өзиңизди зорықтырып қойсаңыз, неге ерисесиз? Дем алыўды писент етпеўге бизди менменлик мәжбүр етеди. Қудай ушын жумыс ислеп, қаншелли шаршағанымызды айтып, бизлер мақтаныўымыз керек-ғо. Егер сиз дем алысты писент етпесеңиз, онда нәтийжениң болмаўы ҳәм ҳәлсизлик раўажланып атырғанын ҳәм ақырында гүнакарлықтың тезлик пенен өсип кеткенин көресиз.
Сонлықтан сизде турақлы масихый өмир ушын тийкарғы тамырлар бар.
Сиз мына сүўретте нелердиң жетпей турғанын байқадыңыз ба? Бул жерде қуртлар жетиспей тур. Қуртлар тамырға ҳүжим жасайды. Мухаддес Китапты оқыўға сизге не кесент етпекте? Телевизор ма? Ериншеклик пе? Күнди жаман жобаластырыў ма? Усы сораўға жуўап бериң ҳәм сонда сизиң қуртларыңыздың қандай екенин түсинесиз.
Усы тамырлардың ҳәр биринде тамыр үстинде ислетпейтуғын қандай да бир қурт бар. Олардың қурт екенин түсиниң. Оларға қарсы урыс жәриялаң ҳәм өз тамырларыңызды беккемлеп барың.
Булардың шыбық емес, ал тамыр екенин умытпаң. Егер сиз кеше Мухаддес Китапты оқымаған болсаңыз, Қудайдан өзиңизге буны бүгин ислеўге жәрдем бериўин сораң. Мен өзиме барлық тамырлар бойынша бес қоя алмадым. Бәрқулла ҳәлсизирек болған қандай да бир тамырлар бар.
Тамырлар олар үстинде тынбай ислеўди талап етеди.
Мен ушын шәкирт деген нени аңлатады? Сүўретке қараң.
Мен өз өмиримди келешекте қандай қылып көз алдыма келтиремен? Сүўретке қараң.
Мен өз жәмәәтимди келешекте қандай қылып көз алдыма келтиремен? Сүўретке қараң.
Сиз азанда уйқыдан турғаныңызда, руўхый майданға қарай адым атасыз. Бизиң дүньямызда руўхый ҳаўа райы туўралы болжаў қорқынышлы болып, ол еле де жаманласып баратыр. Шайтан жиберген даўылларға таяр болың. Бул самаллар сизди жығылта ала ма? Я болмаса, сиз беккем турасыз, өйткени өз тамырларыңызды беккемлеп, алдын ала таярландыңыз. Солай ма?
Өзиңиз келеси бир ай даўамында қайсы тамыр үстинде ислеўиңиз керек екенин таңлаң.
Тек биреўин ғана.
Сиз бул тамырды беккемлеў ушын усы ҳәптеде қандай анық қәдемлер атыўыңыз керек болады?
Егер сиз еле басқалар сыяқлы, өзиңизди гүнакар деп тән алып, Қудайдың хожалығына қосылмаған болсаңыз, Ийса Масихтың сизиң гүналарыңыз ушын өлип, Ол усынған ешейин сыйды қабыл етпесеңиз, онда не ушын сиз буны ҳәзир ислемейсиз?
________________________________________________