Керекли ескертпе
Келиңлер, биргеликте Юхан 15:1-11 ди оқып шығайық.
– Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. 2 Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. 3 Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. 4 Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар. 5 Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. 6 Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып, жандырылады. 7 Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. 8 Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар. 9 Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. 10 Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. 11 Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым.
Мениң бир достым архитектор болыўды қатты қәлейтуғын еди. Пәнлердиң биреўиниң тапсырмасы сыпатында, ол проектин ислеген бир имараттың кишкене моделин иследи.Оның модели шубҳасыз сулыў еди. ҳәдден тыс сулыў. Оның дослары өзлериниң таң қалғанын билдирип: «Әжайып ис! Көриниси таң қаларлық! Сен сондай қәбилетлисең!» – деди.
Ол өз үлгисин оқытыўшыға көрсетти ҳәм бир ҳәпте өткеннен кейин оннан: « ал, сен өз үлгиң ушын қандай баҳа алдың?» – деп сорады. Оқытыўшы жаман баҳа қойды деп жуўап берди, ол.
Бир неше ҳәпте өтти ҳәм ол басқа модель иследи. Ол да әжайып еди. Және дослары таң қалды, оны мийнеткешлиги ҳәм жигерлендириўши проекти ушын мақтады.
Ол және өз моделин оқытыўшыға көрсетти. Және бир ҳәпте өтти ҳәм ол бул проект те да қабыл етилмегенин айтты.
Машқала неде болыўы мүмкин еди?
Оның оқытыўшысы имаратлардың стиллери әжайып екенин шубҳасыз мақуллады. Бирақ ол бул моделлерди күш салып сынап көргенде, имаратлардың жер силкиниўлер, торнадо ҳәм күшли даўыллар ўақтында қулап қалатуғыны анық болды.
Бундай имарат кимге керек?
Ал руўхый өмирде қандай болады? Мен қандай масийхый өмирди қураман? Мен шайтанның соққыларына қарсы тура алатуғын масийхый өмирди қурып атырман ба? Ямаса, мениң масийхый өмирим самал есиўден-ақ, бөлеклерге бөлинип болып қыйралып қала ма?
Мен сыртқы көриниси жақсы болып көринетуғын, ал негизинде мазмунсыз, бос ҳәм ҳәлсиз масийхый өмирди қурып атырман ба?
1-сүўрет
A
Көз алдымызға келтирип көрейик, «А» – бул мен хызметке бағышлаған ўақытлардың муғдары. Мен ушын хызмет әҳмийетли. Мен хызмет пенен шуғылланыўды қатты жақсы көремен. Еситетуғын мақтаўларым мени жигерлендиреди ҳәм оған және де көбирек күш сарплаўға жәрдем береди. «Мени емлеўханаға келип көргениң ушын рахмет», «Сениң Мухаддес Китап бойынша өткен сабағың жүдә пайдалы болды», «Сениң жигерлендириўши сөзлериң маған қатты жәрдем етти» ҳәм т. б. сыяқлы пикирлерди еситиў сондай жағымлы.
Бирақ мениң хызметим неге тийкарланады? «Б» мен өз минез-қуқымды раўажландырыўға ажыратқан ўақыт болсын, ал «С» мен өз тамырларыма ажыратқан ўақыт болсын. Қандай масийхый өмир руўхый стресслерге шыдайды?
Бир ойлап көриң: өз минез-қулқымды раўажландырыўға ямаса өз руўхый тамырларым үстинде ислеўге қанша ўақыт ажыратыўым бойынша маған ким мақтаў айтады? Бул ис «жеке түрде» өтеди ҳәм сонлықтан мен буны ислеймен бе, ямаса яқ па, буны ҳеш ким билмейди. Мени бул ис ушын ҳеш ким ҳеш қашан мақтамайды.
Былай деп айтылатуғын қосық бар: «Мен бәнтпен, бәнтпен, жүдә бәнтпен, мениң саған ўақтым жоқ». Бизлер Қудайға усындай қосықты айта алатуғынымызды көз алдымызға келтириў мүмкин емес, бирақ сондай руўхый өмирде жасайтуғын адам (1-сүўрет) бул сөзлерди бәлент даўыста айтады ҳәм өз минез-қулқы менен анық көрсетеди.
Мен масийхый өмирде усындай усылды қолланып көрдим (1-сүўрет). Даўыллар басланғанда, ол қыйралып қалады.
Азиядағы шопанлар хызмет пенен соншелли бәнт екенин, Мухаддес Китапты оқыўға ўақты жоқлығын айтқанын еситсем, мен олардың надурыс жолда екенин түсинемен.
Мениң өмирим ушын жаңа модель керек. Юхан 15-бап маған дурыс бағдарды көрсетеди.
Юхан 15:5 мынадай ескертиў менен жуўмақланады: «Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар». Мен жүдә бәнт болыўым, азаннан кешке дейин жуўырып-жортып жүриўим мүмкин, бирақ егер ҳәр бир минутта, Масийхта болмасам, Қудайдың көзинде ноль болып қаламан. Ким өз өмириниң ақырында барлық күш салып ислеген ҳәрекетлеринен соң көрсететуғын ҳеш нәрсеси қалмаўғанын қәлейди? Бул ой қатты қорқытады.
Және бир мәртебе Юхан 15:1-11 ди оқып шығың. Егер мен муғаллимлериме усындай бир нәрсени тапсырғанымда, маған кейип таслаған болар еди. Ийса Масийх тоғыз аятта да бирдей сөзди қолланады. Мениң муғаллимлерим былай деген болар еди: «Бул жүдә зеригерли. Неге сиз бул сөзди қайта-қайта қоса бересиз?»
Бирақ бул аятларды Ийса Масийх жазғаны себепли, бизлер оларды сын қылыўдың орнына, Оның бизлерге нени түсиндирмекши болып атырғанына бар дыққатымызды қаратыўымыз керек. (қалып қойған)
Егер Ийса Масийх маған бир нәрсени бир мәртебе айтса, мениң Оны тыңлағаным жақсырақ болады. Егер Ол маған бир нәрсени тоғыз рет айтса, мен буның оғада әҳмийетли екенин түсиниўим шәрт. Оғада әҳмийетли!
Ийса Масийх дүнья жүзлик тарийхтағы ең табыслы шәкиртлик мектебиниң питкериўшилерине мүрәжат қылады. Олардың Ийсада болыўы ушын, оларға тоғыз рет тәкирарлаў керек болды. Егер Ол усы туўралы оларға айтыўы керек болған болса, бул бизлерге де керек екенине гүманланбаң.
«Болыў» сөзи қолланылады.
Сораў: бул нени аңлатады?
Юхан 1:38 ди оқың: Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.)
Гейбиреўлер Ийса Масих пенен биринши рет ушырасып, Оған мынадай логикалық (дурыс) сораўды береди: – Сен қай жерде жасайсаң? Қайсы мәнзилде?
Олар бул жерде қолланған сол («болыў») сөзи Юхан 15-бапта тоғыз рет тәкирарланады. Бул сөз турақлылықты билдиреди.
Сораў: Масийхтың шәкирти қалай «болыўы» шәрт?
Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге:
– Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар, – деди.
Бизлер Оның сөзинде жасаўымыз тийис. Мухаддес Китап биз ушын руўхый мәнзилге айланыўы керек. Бизлер оннан өз өмиримиздиң тийкарғы сораўларына жуўаплар излеўимиз тийис. Солай етип, Мухаддес Китап ҳақыйқаттан да бизиң руўхый мәнзилимиз болып есаплана ма?
Мен бир күни ашық Мухаддес Китапты көрдим. Оннан адамлар өсип шығып атыр еди. Олардың өмири Қудайдың китабында беккем тамыр жайған. Қандай әжайып картина! Әйне усы Юхан 8:31 де усы нәрсе сүўретленеди.
2-сүўрет
B
Бул теректеги барлық суўлы руўхый жемислер – бул Масийхтағы минез-қулық ҳәм Масийхқа әкелинген адам жанлары екенине дыққат аўдарың.
Бирақ баслысы, жемисли масийхый өмирге алып баратуғын жол Масийхта болып, бәрқулла ҳәр күни Мухаддес Китапты оқыў, алғыс айтыў, аятларды ядлаў, дуўа етиў/ораза тутыў ҳәм т. б. тамырлары үстинде турақлы түрде жумыс ислеў жәрдеминде болады.
2-схемада Юхан 15-бап неге шақыратуғыны көрсетилген. Шайтан жиберген даўыллар шайқалтпайтуғын беккем масихый болыў ушын, руўхый тамырлардың дүзилиси болыўы шәрт.
Бизиң ҳәр биримиз ҳәр бир тамырды руўхый шынығыўлар менен раўажландырып, Қудайдың спортзалында ҳәр күни ўақыт өткизиўимиз тийис.
Ўақты-ўақты исениўшилердиң дерлик түскинликке түсип, өмирлеринде жемис жоқ екенлигин айтқанын еситемен. «Жемислер қаяқта?» – деп сорайды олар. «ЖЕМИСЛЕР ҚАЯҚТА?»
Юхан 15-бапты және бир рет оқып шығың. Ол жерде жемис бериўге көрсетпе жоқ. Бизлерге «болыў» айтылған. Ал егер бизлер «болсақ», жемислер де пайда болады.
Сораў: Не ушын Ийса Масих Юхан 15-бапта «болыў» сөзин соншелли жийи қолланады.
Мен былай деп жуўап бере аламан: себеби хызмет өзинде өз-өзин қыйратыў туқымына ийе болыўы мүмкин.
1-схемада бизиң ҳәр биримиз түсип қалыўымыз мүмкин болған дузақ көрсетилген.
«А» дыққатты, мақтаўды, жақсы пикирлерди өзине тартады. Бизлерде өз хызметимизге бар күшимизди салыўымызға ҳәм бизиң хызметимиз бенен табысымыздың тийкары болып табылатуғын «Б» ҳәм «С» ға дыққат аўдармаўымызға азғырылыў пайда болады.
1-сүўрет турақлы емес. Нәтийжеде бизлердиң хызметимиз қулайды, себеби оның тиреги жоқ.
Егер мен жанып күйип кеткенимди ҳәм өзимде күш жоқ екенин сезсем, қәтелесип усы жол менен кетип қалмағаныма исенимим кәмил болыўы ушын, мен әйне сол жаққа (1-сүўрет) қараўым керек. Егер мен өз руўхый тамырларымды писент етпесем,усы апат жүз береди.
Адамлардың, «Шәкиртлик – бул тек және бир масийхый бағдарлама», – дегенин еситкен ўақытта, бул мени тынышсызландырады. ЯҚ! Бул өмир тәризи болып, Қудай бизлерди үйимизге алып кетемен дегенге шекем, бизлер оған әмел қылыўымыз шәрт.
Мүмкин, портфелиңиз сиз қашанлардур табыслы түрде тамамлаған, бирақ кейин оларға ҳеш қашан қайтпаған, ҳәр түрли масийхый курслар менен толған шығар. Келиңлер, шәкиртликке де усындай қатнаста болмайық.
Ийса Масийх мениң диктатор емес, ал басқа хызметкер жетекши болыўымды қәлейди. Юхан 13-бапта сүўретленген аяқ жуўыў ўақыясы буны анық көрсетти. Мениң өмиримдеги руўхый тамырлардың зәрүр дүзилиси ғана Қудай мениң қандай болғанымды көриўди қәлейтуғын болса, сондай жетекши қылады.
Егер мен Қудайға садық хызмет ететуғын масийхый болыўды қәлесем, егер мен буйрық бериўши жетекши емес, ал басқаларға хызмет етиўди қәлесем, мен ҳәр күни Мухаддес Китапты үйрениўди, дуўа етиўди, аятларды ядлаўды ҳәм т. б. әмелде қолланып, Қудайдың спортзалында жумыс ислеўим тийис.
Мениң столымның көринетуғын жеринде Мухаддес Китаптың аятлары жазылған карточкаларының бир топламы жатыр. Себеби аятларды ядлаў – бул мениң ең ҳәлсиз тамырым болып табылады ҳәм сонлықтан усы карточкалар маған бул тамырды мақсетли түрде беккемлеў кереклигин еслетиў ушын көзге түсетуғын жерде жатады.
Егер мен өз тамырларыма жуўапкершиликли қатнаста болсам, усының арқасында мен Масийхта боламан, өмирим минсиз болып қалмайды. Бирақ менде өзимнен болмаған қандай да бир күш пайда болады. Айырмашылық анық.
Егер мен Қудайға садықлық пенен хызмет етким келсе, мениң күшли тамырларым болыўы керек.
Мен бир неше жыллар даўамында, азиялы досларымнан, Мухаддес Китапты ҳәр күни оқыў олардың өмирлерине берген турақлылық ҳаққында баян ететуғын көтериңки руўхқа толы хатларды алатуғын едим. Олар тамырлар үстинде үзликсиз ислеў қандай күш беретуғынын билип алады. Ал сизде булар бойынша жағдай қандай?
2-схемада мениң өз өмиримди қалай көретуғыным сүўретленген.
Бул мениң жәмәәтимниң көриниси.
Бул мен басқалар менен бөлисе алатуғын ең қымбатлы нәрсе.